САЛЛАНА—ДОЛАНА БАРАР БИР ЖАНАН…
Кең далада кеўли дәрьядай тасып,
Бир жигит баратыр таң сәҳәр шағы.
Шекпени желбигей, көкиреги ашық,
Жамбасқа шырпылдар қосбаў шашағы.
Өзин Бердақ сезер, өзин хан сезер,
Созса ҳәзир қолы жеткендей айға.
Кеўли кең даланы шарқ урып гезер,
Ысқырар сайраған пошша торғайға.
Қурашын желкеге сүрип бир ўақта,
Нәзерлеп ол қарсы алдына қарады.
Аңлай-аңлай серлеп көрсе, узақта—
Саллана-долана бир қыз барады.
Жигит көрди анық анадай жерден:
Қумырсқа сүўретли нәзик бел екен.
Қынама бәшпенти тамамы зерден,
Қыз екен әндамлы "келсең-кел" деген.
Қызыл көйлек лаўлап барар буралып!
Ким көрген буныңдай сулыўды бурын!
Назлы аяқлардан "жүр"деп соранып,
Өкшени қамшылап барар қос бурым.
Жем көрген қырғыйдай жигит жутынып,
Аш нәзерин тикти суғы өткенше.
Жүреги шәўкилдеп, көзлери тынып,
Асықты сол қызды қуўып жеткенше.
Мине, жақын келди, еситти ҳәтте
Сыртылдысын жез мыйықлы геўиштиң.
Жигит қурыжланып минди-де пәтке,
Және асып түсти бир қырдың үстин.
Жигит сәл иркилип шешти шекпенин,
Сол заматта көзден қыз болды ғайып.
"Кыз-ба я пери-ме қуўғаным мениң?
Я әжеп!" деп жигит турды аңқайып.
Жоллар қалды шетте, шекпен-де қалды,
Қураш қалды бир төбениң басында.
Етигин таслап, жеңилтекленип алды,
Ессиз қосбаў қалды шат арасында.
Қыз барар сылаңлап қызыл түлкидей,
Жигит тазы болып түсти кейнине.
Әдира қалды барлық шадлы күлкилер,
Топасланып питти ақыл-зейни де.
Жигит жыйнап бойға ақырғы күшин,
Жуўырды кес-кеслеп қыздың алдынан.
"Аҳ, қаныңдай сулыў, не деген пишин!"
Деп ол туў сыртынан суқланды оған.
"Тоқта, ҳәй, қошшым!" деп ҳаплығып барып,
Тутты билегинен саҳыбжамалды.
Ҳәм байғус жигитиң жүзи қуўарып,
Ләбин тислеп, үнсиз силейди калды:
Таң азаннан кешке дейин қуўғаны
Қотыр ҳәм шылпық көз бир ҳаял екен.
Жигит кеўлин кернеп дәрт-пушайманы,
"Ялғаншы дүнья-ай!" деп, жылаған екен.
📄https://hottg.com/+AAAAAEI1zHGnTnIRFhpGFw
>>Click here to continue<<