ПАЗЫЙЛЕТ
Дослар келди гүўлеп мен қуўанғанда,
Тост айтып, шадлы саз шалды да кетти,
Қуўанышымды берсем алмады сонда,
Ҳәммеси өзиме қалды да кетти.
Қайғы таўы қақ желкеден басқанда,
Дослар келд "муңайма - деп - ҳасланда".
Арзан деңгенени аяқласқандай
Қайғымды бөлисип алды да кетти.
* * *
Бүгин еситкенди ертең көз көрер,
Өмир жаңалықлар менен өрлейди,
Ҳәтте қонақ күтиўлерде өзгерер,
Дәўирлер дәстүрге ырық бермейди.
Бирақ бизиң халықтың шын инсанлығы,
Басқа ис түскенде мийрибанлығы,
Өли сыйлаўдағы бексултанлығы,
Қандай заман тусында да өлмейди.
* * *
Бас ушыңда отырғанда гүзетип,
Сүйдим ҳәм сырғаңды қойдым дүзетип,
Сонда мыйық тарттың шын мухаббатлы,
Мен абайсыз уйықлап кетиппен қатты.
Келиспеген ўақта адамның иси,
Әжептәўир болар көринген түси:
Жол ортада аты өлген бир киси,
Ер турман арқалап жаяў киятыр...
* * *
Аққуў қусқа тийди әжелдиң оғы,
Ақ ыйығын силкип өлди де кетти,
Бийсәўбет азадан бузылып жубы,
Дийдар қыяметке қойды да кетти.
Қара тас үстинде аппақ мүсинде,
Аққуўдың жатқанын көрдим түсимде,
Бизди ҳайран етип гүл мәўсиминде,
Дүньяға бир сулыў келди де кетти.
Дос яранлар үй үйине тарасып,
Өзиң менен өзиң қалар гезиң бар,
Баллар және апам десип жыласып,
Жүректи қыйқалап атқан сезим бар.
- Қой жылаўық болмаң, шәй қойың қәне,
Ким ата - анасын байлап жүр белге,
Бир сигарет шегип келейин және,
Келген соң басқа да айтар сөзим бар.
Атың сүрингенде ақылдан саспа,
Тур да шаңыңды қақ урма атыңды,
Басқа ис түскенде сыр берме ҳасла,
Жоқары тут ерлик инәбатыңды.
Нәмәртлер бундайда барып тасаға,
Жүгинеди шарап толы кәсаға,
Ғам - қайғы мәртликти жақтырмасада,
Өмир жақсы көрер мәртлик затыңды.
Кеште шаршап келип кеп кең үйимнен,
Кеўлим отырарға орын таппады,
"Өлмектиң изинен өлмек жоқ" деген,
Еркек жаным бул нақылды жақлады.
Сөйтип мақул көрдим талап еткенди,
Бирақ серлеп көрсем өткен - кеткенди,
Саған усағанлар таптырмас енди,
Усамағанларға кеўил шаппады.
Жаслық вокзалынан шықтық басында,
Талай мәнзил бастық жоллар рәўан,
Сен қалдың айралық станциясында,
Мен айнаны сабап кетип бараман.
Сабыр ет жолаўшы дестилер бизге,
Әрман станциясы барар жер сизге,
Бул поезд бирақта қайтпайды изге,
Келмес бир кеткенлер бизиң арадан.
Биз екеўмиз еккен нәллер мийўалап,
Қан жуўырды қәндил сынап жүзине,
Таң сәҳәрде пискен алмаға қарап,
"Ол болғанда еди" деймен өзиме.
Сенсиз келип жеткен биринши гүзде,
Алма үзип бердим кишкенемизге,
Сол қызалақ күлип қуўанған гезде,
Ап - анық көринип кеттиң көзиме.
Август.1981-жыл
📄https://hottg.com/+AAAAAEI1zHGnTnIRFhpGFw
>>Click here to continue<<