МЕНИҢ ҮЙИМ
Шөл ҳәм бостан мәңги өшлескен жерде,
Гүл ҳәм жуўсан қоңсы өскен өңирде
Адам жатырқамас үйим бар мениң.
Ҳәмме жерди көриў кисиге мәр ме!
«Жердиң түби ғой» деп қыйналып жүрме,
Шақырып мазаңды алмайын сениң.
Бирақ адам менен адам дусласар,
Ат баспайман деген жерин үш басар,
Нағайбыл дуз тартып келсең булманға.
Есигимди қағып, тартынып турма,
Дүзиў нийет пенен еркин келе бер,
Кел, қонағым, есик қақпай кире бер!
Үйге шақырыўсыз қонақ келгени.
Бул ҳәм азаматлық абырайың сениң!
Шақырмай келгени -
Зейни илгени
«Адам-адам ушын мийман» екенин...
Мениң де өзиңдей исим көп мүшкил.
Бир баста көп жумыс ирили - майдалы.
Лекин, қонақ күтиў--жумыс емес бул,
Бул мен ушын көркем өнер байрамы.
Қәстерлеймиз қонақтың қай-қайсысын,
Наўқан қурттай илле-пиллеге орап.
Жайлысын да көрдик,
Көрдик жайсызын,
Қонақтың жаманын көрмедик бирақ.
Шақырыўсыз қонақ
Биймиллет қонақ,
Кел, төрле, бирадар,
Азамат инсан!
Бир сулыў дүньяға болғайсаң инақ,
Кеўил есигимди ашайын саған...
Бизиң халықтың кеўлин қайсы бир гезде
Ҳеш қандай ҳүкимдар,
Ҳеш бир патша, хан -
«Миймандослық» деген дуўалы сөздей,
Билләҳий, ҳеш жаўлап ала алмаған…
Хош мийманым,
Келмекте бол бул үйге,
Кешеги қонағым -
Бүгинги достым.
Дос арттырыў-ең бир уллы ғәзийне,
Раҳмет, ырысыма сен ырыс қостың.
Саў жүрсек, табарсаң бизди ҳәрдайым
Усы шөл ҳәм бостан аралығынан,
Саған унай ма деп сорап неғлайын,
Суўым да, қырым да өзиме дәрман.
Бир жағым суў, бир жағым шөл болмаса,
Бейиш қурып берсең де мен бармайман,
Гүл ҳәм жуўсан ийси аңқып турмаса,
Ол жерде мен қарақалпақ болмайман.
6-март 1972-жыл.
📄https://hottg.com/+AAAAAEI1zHGnTnIRFhpGFw
>>Click here to continue<<