СУЛЫЎЛАР ЫШҚЫНДА
Сулыўлар ышқында бәрхә күйдирип,
Ойнаўға үйренген ҳәзилкеш тәғдир,
Ғайбана ашықлық пенен сүйдирип,
Сынамақ болғанды бәлки тағы бир...
Айралық шөлинде жүрсем тентиреп,
Ағар булақ болып алдымнан ақтың.
Таныс болмасам да танып, сенсиреп,
Тартына-тартына қапыңды қақтым.
Өмир деген заттың қай жери қызық,
Билмесе муҳаббат деген нәрсени?
Артындағы барлық көпирди бузып,
Сәтли күни алып кеттим мен сени.
Жақсы-жаман көзлер изден қарасып,
Дәрьяның шеп жағы бетинде қалды.
Сыртыңнан тон пишип, саған таласып,
Жуўырғанлар емес, буйырған алды.
Анаў-мынаў затты журт көрмес мақул,
Қуўандым қол жетип сағынғаныма.
Ҳаял сулыўлығы—шырай ҳәм ақыл
Екеўи бир жерден табылғанына.
"Илҳам периси бол байғус шайырдың",
Деп жаратса керек тәңирим өзи.
Кеўлим барлығына сениң қайылды,
Мийирхан кемпирдиң арзыўлы қызы!
Декабрь, 2001-жыл.
📄http://hottg.com/ibrayim_yusupov
>>Click here to continue<<