Шайыр
Дәртимди ойтип қозғама,
Жүрегим, саған ырзаман.
Мен де айтайын азғана,
Сен де тыңла бир заман.
Айтарың бар ма қәнекей,
Қолымнан келсе аяр-ем.
Саған ҳеш ҳазар бергизбий,
Шалқақлатып қояр-ем.
Мен саған емес, бәлки сен,
Маған тыным бермийсең.
Адамзаттың дәртинен,
Суўғармасам, шөллейсең.
Жаманлық көрсең демигип,
Жақсылық излеп терлейсең.
Қара суўға семирип,
Қайғысыз шағлап жүрмейсең.
Қайғырғаның ел иси,
Бийпәрўа дәўран сүрмейсең.
Келсе илҳам периси,
Өлгениңди билмейсең.
Даўласпайық, кел қәне,
Айыплап биреў-биреўди.
Өзиңди қолға ал, қане,
Орның сениң гиреўли.
Алма, достым кеўилге,
Суўыспасын арамыз.
Бул бес күнлик өмирде,
Не болсақ, бирге боламыз.
Даўласып енди ҳәлексең,
Көп пенен көрген той, жора.
Жүрекписең - жүрексең,
Қынқылдыңды қой, жора.
Бетиңди қашан қайырдым?
Кисиге тагне етпе дым.
Сонда саған шайырдың,
Жүреги бол деппедим...
📄https://hottg.com/+AAAAAEI1zHGnTnIRFhpGFw
>>Click here to continue<<