ҲАМАЛ.
Жигит, абайлы бол, бул сондай бийик
Мингениңди өзиң билмей қаларсаң.
Мәртебе атының жалын тарарсаң,
Ойда жоқта ҳәмме қалады сүйип.
Жигит, сақ бол, абайлы бол. Бирақта
Абайлы бол—журттан емес,... өзиңнен.
Көзлер үмит пенен тигилген ўақта,
Көгереңлеп нур қашпасын жүзиңнен.
Алдыңа тартылған ғәлетий тулпар,
Үстинде өзиңди сезерсең бийик,
Ҳәм жығып кеткенин аңбай қаларсаң.
Жүрсе, ҳүрметиңе көплер бас ийип,
Тек сонда, тек сонда билип аларсаң
Тырнақша ишинде жүргенин "сүйип"...
Апрель, 1982-ж.
📄https://hottg.com/+AAAAAEI1zHGnTnIRFhpGFw
>>Click here to continue<<