САҒЫНЫШ
Мудам сени ойлай берип,
Билгенимнен жаңыламан.
Айсыз түнде айдай көрип,
Дийдарыңды сағынаман.
Көрип сени түслеримде,
Оянғанда жабығаман.
Жалғыз қалып кешлеримде,
Өз дәртиме шағынаман.
Жулдызлардан сорап сени,
Ескен желге жалынаман.
Журтқа сениң кимлигиңди,
Айталмасам нағыламан?
Жалбарынып мен табынсам,
Муҳаббатқа табынаман.
Сен қол жетпес әрманымсаң,
Сени бәрха сағынаман.
Июнь 1990-жыл
@ibrayim_yusupov
>>Click here to continue<<