САҒЫНЫЎ
Сәхәр ўақта минсем Машук таўына,
Күлди күншығыстан таңның жулдызы,
Гүмис булақлардың шоқ қайнаўыда,
Сени еске салды Әмиўдиң қызы.
Таудан ақ бултларды айдаса самал,
Былғап турғандайсаң маған орамал,
Суў ишиўге келген бир арыў марал,
Саған мегзеп қалды, Әмиўдиң қызы.
Асқар таў Эльбрус аспанға тийген,
Сымбатлы ақ төсин көкше булт сүйген.
Бәхәр байрамында ақ көйлек кийген,
Турқыңды яд еттим, Әмиўдиң қызы.
Самал сылдырлатса жапырағын талдың,
Сени келдиме деп талай алдандым.
Кеклик дүрлеп ушса астынан жардың,
Жамалың елеслер, Әмиўдиң қызы.
Көрсем сыңқ-сыңқ күлген сууларын сайдың,
Тыңлап шопан шерткен сестин сырнайдың,
Сонда бир сен болып шадлығым қайғым,
Турдың көз алдымда,Әмиўдиң қызы.
Нарзан булақлары қандай азада,
Сениң кеулиң яңлы тынық ҳәм таза,
Таўлар оянады, кеўлим биймаза,
Инкарым өзиңсең, Әмиўдиң қызы.
Сағынышларың бийлеп бар тақатымды,
Тас үстинде турдым оқып хатыңды,
Жазсам жас еменге ойып атыңды,
Таўлар ядлап алды, Әмиўдиң қызы.
Бештаў мунарланып турар қасымды,
Көкше булт желбирер уша басында,
Ҳәр ким яр ышқында күйсе жасында,
Мендей болып күйсин, Әмиўдиң қызы.
Каналымызға ағза болың👇
http://hottg.com/ibrayim_yusupov
>>Click here to continue<<