НӘРЕСТЕ
- - - - - 1 - - - - -
Нәресте, ол-адамның ең үлкени,
Ким болсаң да сен баласаң кешеги.
Шешең бул турысыңда туўмаған сени,
Ғаррылар да бала болған деседи.
Нәресте—өмирдиң жүреги, деми.
Еле булыт көрмеген ол бир алтын таң.
Нәресте —адамның туңғыш қәдеми,
Соңғы қәдемиң де апарар оған."
Уллы келешек- ушын иске, гүреске
Тили шықпаса да ол үйретеди.
Ол ийе пәкликке, қүдиретли күшке,
Қуралсыз дүньяға ҳүким етеди
Жан бетлей алмаған жаўыз Шыңғысты
Күлдирген ол мурттан тартқылап ойнап,
"Капитал" жазып атқан дана Марксти
Ол ат етип минген стулге байлап*...
- - - - - 2 - - - - -
Талпынған жас нәрестеге қарасам,
Өмирге мен қыздай ашық боламан.
"Усы адамлардың бәри ырас-ақ
Бала болған ба?" деп саўал қояман.
Жоқ, жоқ, бәри емес! Тек те жақсылар—
Ҳақ кеўил адамлар бала болғанды.
Ал ишкирне, жаўызлар ше? Жақ, олар
"Бала болдық" деген сөзи жалғанды.
Егер олар журттай бала болғанда,
Жүрмей ме Сонгмиде балалар өлмей*
Мың-мың бала ботинкалары сонда
Освенцимде жатбас еди аў кийилмей...
8-февраль 1970-ж.
*К. Марксти баласы отырғыш туяғына байлап, "ат етип жегип"
ойнағаны ҳаққында оның кызы өз еске түсириўинде жазғаны
мәлим.
*Сонгми—америкалы империалистлер қыйратқан
вьетнамлы аўыл. И. Ю
>>Click here to continue<<