TG Telegram Group & Channel
Ибрайым Юсупов | United States America (US)
Create: Update:

БУЛ ҚАЛАНЫҢ КӨШЕСИНЕН ЖҮРГЕНДЕ
(Нөкистиң 60 жыллығына)

Бул қаланың көшесинен жүргенде,
Билинбейди тоқлығым я ашлығым,
Еске түсер гүўлеп өткен жаслығым,
Бул қаланың көшесинен жүргенде.

Қайсы жайды қандай уста қурғанын,
Қай көшеге қашан асфальт урғанын,
Яд билемен қайсы терек, қайманда,
Қай бәҳәрде қанша жапырақ салғанын.

Нөкис десе қозып кетер делебем,
Көп жырладым, жырлайманда еле мен.
Жер жәҳәнде бул шәҳәрге усаған,
Қала таппай бәрҳа қайтып келемен.

Қалалар бар биз көрген ҳәм көрмеген,
Халқы сыймай қара суў боп терлеген,
Онда адамлар жасап турып бир жайда,
Бир өмирге қоңсыларын билмеген.

Бизде үй жоқ күндиз илип отырған.
Апақ – шапақ жайнап күлип отырған,
Арғы баста кимниң ийти үргенин,
Берги баста ҳәмме билип отырған.

Бул қаланың аэропорты ишинде,
Зилзила бар ҳәр лайнердиң күшинде,
Бирақ базар деген бәле шыққалы,
Самалётсыз түс көремен түсимде.

Шәҳәрлер көп мәлим дүнья жүзине,
Ҳаўа жутсаң түтин кирер көзиңе,
Алып қояма деп әлле биреўлер,
Завод, фабрик қура берген өзине...

Бул қаланың дым басқаша ҳаллары,
Шаң болсада таза ҳаўа жоллары,
Тек Аралдан ескен дузлы самаллар,
Шырқымызды бузды соңғы жыллары.

Тахиятас еле жақын қонажақ,
Хожелиге таза көпир салажақ,
Бул үшеўи келешекте қосылып,
Будапешттей үлкен шәҳәр болажақ.

Қаттыағардан Қызкеткенниң сағасы,
Қутлы қоныс болған Әмиў жағасы,
«Ағам барда арқам тамда» дегендей,
Уллы Ташкент оның ғамхор ағасы.

Жигит дәўири әйне алпыс жасында,
Үргениши, Ташаўызы қасында,
Бухара ҳәм Самарқанттан үйренген,
Тәлиймат көп бул Нөкистиң басында.

Арқамызда Қызылорда ағайын,
Өзбек, қазақ, түркмен,қырғыз, ноғайым,
Туўысқаны көп халықпыз бахытлы,
Бир қосыққа қайсы бирин тығайын.

Аўзым бармас бул Нөкисти жас деўге,
Көшелерин жер деўге я тас деўге,
Алмаспайман доллар төсеп қойсада,
Париж, Лондон, Вашингтон я Мәскеўге.

Ўа, Нөкисим сен питпеген жырдайсаң,
Әйнегимнен таңда түскен нурдайсаң,
Ҳәр тойыңды Президент қутлықлап,
Дүнья турғаншелли жасап турғайсаң!

Ноябрь. 1992-жыл.

Каналымызға ағза болың👇
http://hottg.com/ibrayim_yusupov

БУЛ ҚАЛАНЫҢ КӨШЕСИНЕН ЖҮРГЕНДЕ
(Нөкистиң 60 жыллығына)

Бул қаланың көшесинен жүргенде,
Билинбейди тоқлығым я ашлығым,
Еске түсер гүўлеп өткен жаслығым,
Бул қаланың көшесинен жүргенде.

Қайсы жайды қандай уста қурғанын,
Қай көшеге қашан асфальт урғанын,
Яд билемен қайсы терек, қайманда,
Қай бәҳәрде қанша жапырақ салғанын.

Нөкис десе қозып кетер делебем,
Көп жырладым, жырлайманда еле мен.
Жер жәҳәнде бул шәҳәрге усаған,
Қала таппай бәрҳа қайтып келемен.

Қалалар бар биз көрген ҳәм көрмеген,
Халқы сыймай қара суў боп терлеген,
Онда адамлар жасап турып бир жайда,
Бир өмирге қоңсыларын билмеген.

Бизде үй жоқ күндиз илип отырған.
Апақ – шапақ жайнап күлип отырған,
Арғы баста кимниң ийти үргенин,
Берги баста ҳәмме билип отырған.

Бул қаланың аэропорты ишинде,
Зилзила бар ҳәр лайнердиң күшинде,
Бирақ базар деген бәле шыққалы,
Самалётсыз түс көремен түсимде.

Шәҳәрлер көп мәлим дүнья жүзине,
Ҳаўа жутсаң түтин кирер көзиңе,
Алып қояма деп әлле биреўлер,
Завод, фабрик қура берген өзине...

Бул қаланың дым басқаша ҳаллары,
Шаң болсада таза ҳаўа жоллары,
Тек Аралдан ескен дузлы самаллар,
Шырқымызды бузды соңғы жыллары.

Тахиятас еле жақын қонажақ,
Хожелиге таза көпир салажақ,
Бул үшеўи келешекте қосылып,
Будапешттей үлкен шәҳәр болажақ.

Қаттыағардан Қызкеткенниң сағасы,
Қутлы қоныс болған Әмиў жағасы,
«Ағам барда арқам тамда» дегендей,
Уллы Ташкент оның ғамхор ағасы.

Жигит дәўири әйне алпыс жасында,
Үргениши, Ташаўызы қасында,
Бухара ҳәм Самарқанттан үйренген,
Тәлиймат көп бул Нөкистиң басында.

Арқамызда Қызылорда ағайын,
Өзбек, қазақ, түркмен,қырғыз, ноғайым,
Туўысқаны көп халықпыз бахытлы,
Бир қосыққа қайсы бирин тығайын.

Аўзым бармас бул Нөкисти жас деўге,
Көшелерин жер деўге я тас деўге,
Алмаспайман доллар төсеп қойсада,
Париж, Лондон, Вашингтон я Мәскеўге.

Ўа, Нөкисим сен питпеген жырдайсаң,
Әйнегимнен таңда түскен нурдайсаң,
Ҳәр тойыңды Президент қутлықлап,
Дүнья турғаншелли жасап турғайсаң!

Ноябрь. 1992-жыл.

Каналымызға ағза болың👇
http://hottg.com/ibrayim_yusupov


>>Click here to continue<<

Ибрайым Юсупов






Share with your best friend
VIEW MORE

United States America Popular Telegram Group (US)