АНА ЖҮРЕГИ
(Рәўият сөзи)
Жигит айтты: "не десең де көнемен,
Бас алып кетемен, сүймесең егер.
Босағаңа бас қойып-ақ өлемен,
Маған ҳаял болып тиймесең егер."
Мәккар сулыў масайрады жол таслап,
Айтты: "онда бир шәртим бар—тилегим:
Анық мени сүйген болсаң ыраслап,
Әкелип бер өз анаңның жүрегин"...
Жармес жигит үйине тез барды да,
Бел байлады бежериўге тилекти:
Кемпириниң басына бир қойды да,
Геўдесинен жулып алды жүректи.
Жығылды сүрнигип ол босағаға,
Жүрек түсти уўысынан улының.
Жерде жатқан жүрек айтты:
"Абайла, Аўырмады ма ҳеш жериң, қулыным!"
Ноябрь, 1989-жыл.
Каналымызға ағза болың👇
http://hottg.com/ibrayim_yusupov
>>Click here to continue<<
