МУСТАҚИЛЛИҚ МАЙДАНЫНАН ӨТКЕНДЕ
Бүгин Əмиў болып аққым келеди.
Арғымақ ат болып шапқым келеди.
Бүгин өңирине өзбек ағамның
Кеўлимнен гүл үзип таққым келеди.
Наўайы, Бердақлар дəстан биткенде,
Бабур тəрки ўатан қылып кеткенде,
Машраб ғаззеллери пəряд еткенде,
Ойға алған мақсетине жеткен бе?
Бабалар руҳы кешти ойымнан,
Мустақиллиқ майданынан өткенде.
Ақмал, Аллаярлар атылып кеткенде,
Жаўлар Қадрийди қатл еткенде,
Шарафатлы инсан уйқысын бузып,
Қəбиринен шығарып алып кеткенде...
Бəри көз өңимнен өткендей болды,
Мустақиллиқ майданынан өткенде.
«Ақ алтыннан таудай қырман питкенде,
Оны жат кəрўанлар алып кеткенде,
Сен ойшаң сүйенип аўыр кетпенге,
Үнсиз турысларың елеслеп кетти,
Мустақиллиқ майданынан өткенде…
Сениң руўҳыңдағы мəртлик, даналық
Жаңа дəўран жолын тапбағы лазым.
Бийик инсанлығың дүнья тəн алып,
Жəҳəн минберинен шықсын ҳаўазың.
Кеўил талўас етип, илҳам йош урар,
Мийрим суўы менен толғандай Арал,
Есер бир əжайып жағымлы самал,
Мустақиллиқ майданынан өткенде.
Өзбекстан - Күншығыстың Шолпаны,
Көп қыйын жоллардан өтерсең асып.
Бинияд таўып азат инсан əрманы,
Жолыңды жақтыртар ығбал қуяшы.
«Қутлы қəдемиңе ҳəсанат!» дийип,
Қан-қардаш халықлар қол берип қолға,
Қара қалпағымды шалқайта кийип,
Жаныңда бараман бул уллы жолда!
22-август, 1992-жыл, Ташкент.
📄https://hottg.com/+AAAAAEI1zHGnTnIRFhpGFw
>>Click here to continue<<