СЕН ДЕГЕНДЕ...
Жулдызлардың ең жақтысын
Терип-терип алағойған.
Адамлардың ең жақсысы
Сол жақтыға барағойған.
Асқар таўдай адамлықты,
Ағын суўдай ҳадаллықты,
Уллылықты, еденликти
Көкирегиңе қуяғойған.
Сен туўарсаң ақылды да,
Сулыўды да, батырды да...
"Халық" деп сениң атынды да
Ким қойса да дана қойған...
Сен қуўансаң, кеўлим тасып,
Ай-жулдызды аралайман.
Сәл ынжылсаң, мазам қашып,
Саў жанымды жаралайман.
Базда өзим данадайман,
Базда исим шаладайман.
Сени көрсем, өз атама
Еркелеген баладайман.
Сен йош берсең, сөз табаман,
Бирди еки деп санамайман.
Сен буйырсаң, бассаламан,
Дуў-сыйына қарамайман.
Кеўлиңди табыўды ойлап,
Бир сөзди бир сөзге байлап,
Қара түнде қәлем шайнап,
Ақ қағазды қаралайман.
Әрманым сол турсам-жатсам:
Сөз қусын ушардан атсам,
Саған аз кем сөз унатсам,
Басқа бахыт сорамайман.
Әжинияз, Бердақ өтти,
Аббаз, Садық жырлап өтти,
Дәрья болып ҳағлап өтти,
Сол дәрьяны жағалайман.
Намыс ушын ат қашырған,
Бийик әрманға асылған,
Мен де журт қусап тасынған
Бир жапакеш шымалайман.
Косық-теңиз, болсам-балық,
Ис буйырса сиздей халық,
Аяғымды қолға алып,
Басым менен жумалайман.
Ибрайым Юсупов 1977-ж.
📄https://hottg.com/+AAAAAEI1zHGnTnIRFhpGFw
>>Click here to continue<<