СЫН КЕРЕК
Сынсыз тайдың жал-қуйрығы гүзелмес,
Өтириктиң орны басқа, шын керек.
Сын болмаса кемшиликлер дүзелмес,
Соның ушын сыншы керек, сын керек.
Критика қозғаў салғыш күш болар,
Сын көрмеген көп қәтеге дус болар.
Сыншы болыў аўыр бир жумыс болар.
Барлық ўақта әдалатлы сын керек.
Әдебиятты пахта десек, егер биз,
Агрономсыз қәйтип пахта егермиз!
Олақпыз ба, талантсыз я шебермиз,
Бәрин таллап айтатуғын сын керек.
Әдебият—бағ, сыншы оның бағманы,
Бир көз бенен қарар барлық мийўаны.
Қосықтың бар қыйсық, дүзиў, сыйдамы,
Терис путағын алатуғын сын керек.
Қосық қылып ақбас пенен жантақты,*
Гей биреўлер мийнет етпей мал тапты.
Дурыс, айырыў ушын қараны, ақты,
Илгир зейин сыншы керек, сын керек.
Сыншылардың түри көп-аў бирақта,
Гейбир сыншы әдилликтен жырақта,
Гейбир шайыр мегзер өтпес ораққа,
Сондайларды егейтуғын сын керек.
Гейбир шайыр бақлап жүрер қашықтан,
Қара сөзди айыра алмас қосықтан,
Қанат шықпай ушаман деп асыққан,
Ондайларды ойландырғыш сын керек.
Гей бир шайыр аўыл көрсе, "қала" деп,
"Надурыс" десең, жаны шығар "жала" деп.
"Аяғыңды дүзиўлеп бас, бала" деп,
Сондайларға жол силтерлик сын керек.
Гей бир сыншы ақпай атып "толдым" дер,
"Маған ашық бәри даңқлы жолдың" дер,
"Белинскийдиң бел баласы болдым" дер,
Сол сыншының тап өзине сын керек.
Сыншы болыў аңсат емес билгенге,
Критиктиң жолы нәзик жүргенге,
Ҳәр бир адам сынын оқып көргенде,
"Инабатлы екен" дерлик сын керек.
Етикши болған бар, еринбеген бар,
Сыншы болып талай таяқ жеген бар,
"Сын дүзелмей мин дүзелмес" деген бар,
Барлық ўақта әдил, сыншы, сын керек.
*Бул қатар А.Дабыловтың сөзинен И.Ю 1957-жыл
Каналымызға ағза болың👇
http://hottg.com/ibrayim_yusupov
>>Click here to continue<<
