СҮЙМЕГЕНГЕ СӘЛЕМ ЖОҚДУР...
Ашықлықтың өз жолы бар,
Сүймегенге сәлем жоқдур.
Сулыўлықта сениң менен
Бәс байласар сәнем жоқдур.
Ашық бақбас өз ҳалына,
Қанат питер қыялына.
Машақатсыз висалыңа*
Жетсем деген дәмем жоқдур.
Келмели-кетпели дәўран,
Бизден өтип, сизде қалған.
Мен ғәрип дәртиңнен жанған,
Бийдәртлерге бәлең жоқдур.
Бүлбил аңсар гүл жамалын,
Сыртым пүтин, иште жалын.
Ашық Аяздың аҳўалын
Хатқа салар қәлем жоқдур.
*Висал – ашықлықта тил табысыў, ушырасыў.
📄https://hottg.com/+AAAAAEI1zHGnTnIRFhpGFw
>>Click here to continue<<