TG Telegram Group & Channel
Ибрайым Юсупов | United States America (US)
Create: Update:

ҚЫЗДЫҢ КЕЎЛИ – ҚЫЗЫЛ ГҮЛ

Шалқып аққан дәрья қыздың қыялы,
Тоқлаў айталмасаң ағар да кетер.
Есерленип ессе ышқы самалы,
Қайғың сал болып ығар да кетер.

Шалқар теңиз қыз кыялы, кыз жаны,
Тереңинде жанар ҳасыл маржаны.
Илгир зейин болсаң ҳәм шын ўапалы,
Ҳинжи-маржанларын тағар да кетер.

Қыз кеўлинде асқар таўдың саўлаты,
Жарқыраған қарлы шыңлар айбаты.
Кеўлиңде болмаса бүркит қанаты,
Мәзи қыя-қыя бағар да кетер.

Қыз кеўлинде қызыл гүлдиң жилўасы,
Гүл ышқында сайрар бүлбил намасы,
Көкирегиңде болса бәҳәр қуяшы,
Гүллер ғумшаланып шығар да кетер.

Қыздың кеўли ыссы күнниң әптабы,
Нурлантар, күйдирер қызған шақлары.
Сәл-пәл қыя салсаң ышқы соқпағын,
Айралық отына жағар да кетер.

1963-жыл, Нөкис, Декабрь.

Каналымызға ағза болың👇
http://hottg.com/ibrayim_yusupov

ҚЫЗДЫҢ КЕЎЛИ – ҚЫЗЫЛ ГҮЛ

Шалқып аққан дәрья қыздың қыялы,
Тоқлаў айталмасаң ағар да кетер.
Есерленип ессе ышқы самалы,
Қайғың сал болып ығар да кетер.

Шалқар теңиз қыз кыялы, кыз жаны,
Тереңинде жанар ҳасыл маржаны.
Илгир зейин болсаң ҳәм шын ўапалы,
Ҳинжи-маржанларын тағар да кетер.

Қыз кеўлинде асқар таўдың саўлаты,
Жарқыраған қарлы шыңлар айбаты.
Кеўлиңде болмаса бүркит қанаты,
Мәзи қыя-қыя бағар да кетер.

Қыз кеўлинде қызыл гүлдиң жилўасы,
Гүл ышқында сайрар бүлбил намасы,
Көкирегиңде болса бәҳәр қуяшы,
Гүллер ғумшаланып шығар да кетер.

Қыздың кеўли ыссы күнниң әптабы,
Нурлантар, күйдирер қызған шақлары.
Сәл-пәл қыя салсаң ышқы соқпағын,
Айралық отына жағар да кетер.

1963-жыл, Нөкис, Декабрь.

Каналымызға ағза болың👇
http://hottg.com/ibrayim_yusupov


>>Click here to continue<<

Ибрайым Юсупов




Share with your best friend
VIEW MORE

United States America Popular Telegram Group (US)