TG Telegram Group & Channel
Ибрайым Юсупов | United States America (US)
Create: Update:

ЫРЫМ

Бир шөпти аўзыма тислетип қойып,
Сен жағама сәдеп тағып атырсаң.
Шашыңды ийискеймен мен тойып-тойып,
Демиң менен мени жағып атырсаң.

Сүйрик саўсақларың перде басқандай,
Ак сабақлы ийне менен ойнайды.
Кеўлим-қазандағы сүтиң тасқандай,
Тартыншақ сезимлер менен қайнайды.

Әне, тисиң менен сабақты қыйдың,
Көкирегиме тақап гүлдей жүзиңди.
Қыялымда сени аймалап сүйдим,
Ҳәм пүткил умыттым сонда өзимди.

Буйтип сениң тағарыңды билгенде,
Үзилмес пе еди барлық сәдебим.
"Жаным, мен ашықпан саған" дегенди
Айтқызбас аўзыма тислеткен шөбиң...

Каналымызға ағза болың👇
http://hottg.com/ibrayim_yusupov

ЫРЫМ

Бир шөпти аўзыма тислетип қойып,
Сен жағама сәдеп тағып атырсаң.
Шашыңды ийискеймен мен тойып-тойып,
Демиң менен мени жағып атырсаң.

Сүйрик саўсақларың перде басқандай,
Ак сабақлы ийне менен ойнайды.
Кеўлим-қазандағы сүтиң тасқандай,
Тартыншақ сезимлер менен қайнайды.

Әне, тисиң менен сабақты қыйдың,
Көкирегиме тақап гүлдей жүзиңди.
Қыялымда сени аймалап сүйдим,
Ҳәм пүткил умыттым сонда өзимди.

Буйтип сениң тағарыңды билгенде,
Үзилмес пе еди барлық сәдебим.
"Жаным, мен ашықпан саған" дегенди
Айтқызбас аўзыма тислеткен шөбиң...

Каналымызға ағза болың👇
http://hottg.com/ibrayim_yusupov


>>Click here to continue<<

Ибрайым Юсупов






Share with your best friend
VIEW MORE

United States America Popular Telegram Group (US)