TG Telegram Group & Channel
Ибрайым Юсупов | United States America (US)
Create: Update:

Шайыр менен хошласыў
(И.Юсуповқа...)

Өмир заңларына бойсынып Ўатан,
Шайыр улы менен жылап хошласты.
Тәбият ҳүкимин жүргизип қатаң,
Бир бийик талантты баўрына басты.

Қәдирдан перзентин қыймастан халық,
Сум тәғдир исине өкинди қатты.
Күтә албырақлап, көзге жас алып,
Китабын қушақлап, өзин жубатты.

Қағазға түспеген әжайып жырлар,
Шайыр жүрегине мәңги жерленди.
Оның қосығынан таралған нурлар,
Жарқыратып турар гөззал әлемди!

Көрисиўдиң илажы жоқлығын аңлап,
Мудам қыйналады Таллы жағысы.
Ләззет алар еди қосығын тыңлап,
Руўхын шад етеди айтқан алғысы.

Поэзия шәменин ләрзеге салды,
Илҳам перисиниң шеккен муң-зары.
Бирге күтим берген қосығы қалды,
Күлимлеп тур онда шайыр дийдары!

Бахытлы Сарыбаев

Каналымыз!👇
https://hottg.com/ibrayim_yusupov

Шайыр менен хошласыў
(И.Юсуповқа...)

Өмир заңларына бойсынып Ўатан,
Шайыр улы менен жылап хошласты.
Тәбият ҳүкимин жүргизип қатаң,
Бир бийик талантты баўрына басты.

Қәдирдан перзентин қыймастан халық,
Сум тәғдир исине өкинди қатты.
Күтә албырақлап, көзге жас алып,
Китабын қушақлап, өзин жубатты.

Қағазға түспеген әжайып жырлар,
Шайыр жүрегине мәңги жерленди.
Оның қосығынан таралған нурлар,
Жарқыратып турар гөззал әлемди!

Көрисиўдиң илажы жоқлығын аңлап,
Мудам қыйналады Таллы жағысы.
Ләззет алар еди қосығын тыңлап,
Руўхын шад етеди айтқан алғысы.

Поэзия шәменин ләрзеге салды,
Илҳам перисиниң шеккен муң-зары.
Бирге күтим берген қосығы қалды,
Күлимлеп тур онда шайыр дийдары!

Бахытлы Сарыбаев

Каналымыз!👇
https://hottg.com/ibrayim_yusupov


>>Click here to continue<<

Ибрайым Юсупов




Share with your best friend
VIEW MORE

United States America Popular Telegram Group (US)