МЕН СЕНИҢ КЕЎЛИҢДИ ҚАБАРТҚАН КҮНИ...
Мен сениң кеўлиңди қабартқан күни
Өзимди сеземен дүзде қалғандай.
Рәҳәт және таслап кетеди мени,
Далбайға келмеген үркек тарландай.
Инсан өмири деген биймаза мәўсим,
Олсыз да онда аз шуўақлы күнлер.
Кеўил – ағып турған булақ-ды бәлким,
Парықламай тас атар оған ҳәр кимлер.
Жаңсақ ислер өкиндирер изинен,
Сүймесем, мен булай сөзлемес едим.
Табылса дәрьяның берги жүзинен,
Арғы жүзден сени излемес едим.
Кеўил көзгимде тек сени көремен,
Ҳасла қыянет жоқ онда тамшыдай.
Сени қапа қылсам, жаўрап жүремен,
Дүзде күкирт шөбин таўысқан аңшыдай.
22-март 1996-ж.
📄https://hottg.com/+AAAAAEI1zHGnTnIRFhpGFw
>>Click here to continue<<