БИР ҲӘМЕЛДАР ЖИГИТКЕ
Көзиңде нур, жүзиңде қан қалмаған,
Мәжбүрлейсең қатты сөзге бармаға.
Тар геўдеде бул не деген көкирек,
Бундай көкирек жарасады арбаға.
Ғәрезиң жоқ адам келген ўағында,
Суп-сур жүзиң және сусайып кетер.
Өзиңнен күшлини көрген ўақтыңда,
Жампаңлап, аяғың қыйсайып кетер.
Көкирегиңди басып сәл-пәл оданда,
Ызғарланып, бола берме ызалы.
Ең болмаса, сөзиң жоқ па адамға
Сорап шеккен сигареттей мазалы.
Жаман сөз ол пытыра қорғасындай,
Қуйы пәслик етпе, менменлик қылма.
Тилиңе сақ бол - қаланың ғарғасындай;
Аўылдың ийтиндей әўпилдек болма ...
Октябрь 1994-жыл.
📄https://hottg.com/+AAAAAEI1zHGnTnIRFhpGFw
>>Click here to continue<<