TG Telegram Group & Channel
Ибрайым Юсупов | United States America (US)
Create: Update:

ПОМАДА
(ҳәзил)

Аҳ, помада, помада!
Жуқпаған жериң қамады.
Ҳәр сапары жуққаның
Жәнжелге жәнжел жамады ...

Бир күни шайыр ал енди
Йош перисин шақырды.
"Помада деген бәлеңди
Жаққанды қой!" деп бақырды.

"Ақылы жоқ-аў периниң,
Қызарған затқа қызады.
Қудайдың берген ерини
Не деген сулыў, мазалы.

Помада деген бәлеңди
Жеген сайын күйемен.
Йошланыў ушын ал енди
Қаяғыңнан сүйемен?!"

Күлди Илхам периси:
"Әжеп тәўир халықсаң.
Сезип жүрмен, сен усы
Заманнан артта қалыпсаң.

Еринге тийме, кел бери,
Сүйсең таўып қайымын,
Помадасыз жерлери
Қапылдыма, шайырым..."

Каналымызға ағза болың👇
http://hottg.com/ibrayim_yusupov

ПОМАДА
(ҳәзил)

Аҳ, помада, помада!
Жуқпаған жериң қамады.
Ҳәр сапары жуққаның
Жәнжелге жәнжел жамады ...

Бир күни шайыр ал енди
Йош перисин шақырды.
"Помада деген бәлеңди
Жаққанды қой!" деп бақырды.

"Ақылы жоқ-аў периниң,
Қызарған затқа қызады.
Қудайдың берген ерини
Не деген сулыў, мазалы.

Помада деген бәлеңди
Жеген сайын күйемен.
Йошланыў ушын ал енди
Қаяғыңнан сүйемен?!"

Күлди Илхам периси:
"Әжеп тәўир халықсаң.
Сезип жүрмен, сен усы
Заманнан артта қалыпсаң.

Еринге тийме, кел бери,
Сүйсең таўып қайымын,
Помадасыз жерлери
Қапылдыма, шайырым..."

Каналымызға ағза болың👇
http://hottg.com/ibrayim_yusupov


>>Click here to continue<<

Ибрайым Юсупов






Share with your best friend
VIEW MORE

United States America Popular Telegram Group (US)