TG Telegram Group & Channel
Ибрайым Юсупов | United States America (US)
Create: Update:

СУЎ ПЕРИ
(Шымбайда ертеде болған ҳәдийсе)

Пақырбай падашы ийирип малын,
Кегейли бойында жатты дем алып.
Қуяш арқан бойлы еңкейип түсте,
Шәртек саңлағынан үңилди ишке.

Гүйсеп күни менен жеген отларын,
Жатты саранаўлар болып бир қарын.
Падашының қулағына бир ўақта,
Шамбырлы шалынды Кегейли жақта.

Шәртек тасасынан сығалап көрсе,
Суўды шамбырлатып атыр бир нәрсе.
"Жайын ба" деп ушып турды орнынан,
Сонда бир қызық ис көринди оған:

Бир қыз жалғыз өзи шомылып атыр.
Қара шашы суўдың бетинде жатыр.
Ети аппақ екен мисли порықтай,
Гейде тереңге ол бойлар қорықпай.

Гейде сыңғырлап келип күледи,
Гейде қайырға шығып жүреди.
Суўды шамбырлатып аппақ аяғы,
Балықтай былғақлап кетеди тағы.

Гә жатар, уймаға табанын тиреп,
Дирилдеп тур тана мүйиз көкирек...
Бир ўақта қыз ушып орнынан турды,
Бир шыңғырып өзин айдынға урды.

Әллен ўақта шығып суўдың астынан,
Еки қоллап көкирегин басты-да,
"Кийимимди бер!" деп жылап, албырап,
Жалынды жас падашыға терис қарап.

Өзи жас болса-да бизиң Пақырбай,
Тек өлип көрмеген еди-аў япырмай!
Ғаррылар билгенди ол билер еди,
(Ҳәтте "надан" деп оларға күлер еди).

"Суў пери көргенде қашпаў керегин,
Албырап, ақылдан саспаў керегин;
Жалынса да кийимлерин бермеўди,
Шашынан тутып сабап ҳәм тергеўди.

Егер албырасаң, қағып кетерин,
Аўзыңды қыйсайтып, мәжгүн етерин,
Суў периниң алдап-арбайтуғынын,
Өтирик ғана сыңсып жылайтуғынын..."

Бәрин билер еди Пақырбай бәле,
"Жәдигөй сулыўым, туратур қәне".—
Деп батыртып әсте суўға түсти-де,
Өзин таслады периниң үстине.

Суў пери суў шашып, салды айбарақ,
Жигит басым келди периге бирақ.
Қолақ шаштан тутып алып сүйреди,
"Қулың болайын деп жерди сүй!" деди.

Аппақ жамбасына он шыбық урып,
Барлық тийисли шәртлерин айттырып.
Ярым жабық, ярым жалаңаш күйде
Кеште алып келди перини үйге.

Қойды керегеге шашынан байлап,
Адамлар қарады дәслеп абайлап.
Соңынан периге ҳәмме үйренди...
Көп узамай Пақырбай тез үйленди.

Ҳаслы кәрин сорастырсаң периниң,
Қызы екен қоңсы қуйын елиниң.

📄https://hottg.com/+AAAAAEI1zHGnTnIRFhpGFw

СУЎ ПЕРИ
(Шымбайда ертеде болған ҳәдийсе)

Пақырбай падашы ийирип малын,
Кегейли бойында жатты дем алып.
Қуяш арқан бойлы еңкейип түсте,
Шәртек саңлағынан үңилди ишке.

Гүйсеп күни менен жеген отларын,
Жатты саранаўлар болып бир қарын.
Падашының қулағына бир ўақта,
Шамбырлы шалынды Кегейли жақта.

Шәртек тасасынан сығалап көрсе,
Суўды шамбырлатып атыр бир нәрсе.
"Жайын ба" деп ушып турды орнынан,
Сонда бир қызық ис көринди оған:

Бир қыз жалғыз өзи шомылып атыр.
Қара шашы суўдың бетинде жатыр.
Ети аппақ екен мисли порықтай,
Гейде тереңге ол бойлар қорықпай.

Гейде сыңғырлап келип күледи,
Гейде қайырға шығып жүреди.
Суўды шамбырлатып аппақ аяғы,
Балықтай былғақлап кетеди тағы.

Гә жатар, уймаға табанын тиреп,
Дирилдеп тур тана мүйиз көкирек...
Бир ўақта қыз ушып орнынан турды,
Бир шыңғырып өзин айдынға урды.

Әллен ўақта шығып суўдың астынан,
Еки қоллап көкирегин басты-да,
"Кийимимди бер!" деп жылап, албырап,
Жалынды жас падашыға терис қарап.

Өзи жас болса-да бизиң Пақырбай,
Тек өлип көрмеген еди-аў япырмай!
Ғаррылар билгенди ол билер еди,
(Ҳәтте "надан" деп оларға күлер еди).

"Суў пери көргенде қашпаў керегин,
Албырап, ақылдан саспаў керегин;
Жалынса да кийимлерин бермеўди,
Шашынан тутып сабап ҳәм тергеўди.

Егер албырасаң, қағып кетерин,
Аўзыңды қыйсайтып, мәжгүн етерин,
Суў периниң алдап-арбайтуғынын,
Өтирик ғана сыңсып жылайтуғынын..."

Бәрин билер еди Пақырбай бәле,
"Жәдигөй сулыўым, туратур қәне".—
Деп батыртып әсте суўға түсти-де,
Өзин таслады периниң үстине.

Суў пери суў шашып, салды айбарақ,
Жигит басым келди периге бирақ.
Қолақ шаштан тутып алып сүйреди,
"Қулың болайын деп жерди сүй!" деди.

Аппақ жамбасына он шыбық урып,
Барлық тийисли шәртлерин айттырып.
Ярым жабық, ярым жалаңаш күйде
Кеште алып келди перини үйге.

Қойды керегеге шашынан байлап,
Адамлар қарады дәслеп абайлап.
Соңынан периге ҳәмме үйренди...
Көп узамай Пақырбай тез үйленди.

Ҳаслы кәрин сорастырсаң периниң,
Қызы екен қоңсы қуйын елиниң.

📄https://hottg.com/+AAAAAEI1zHGnTnIRFhpGFw


>>Click here to continue<<

Ибрайым Юсупов




Share with your best friend
VIEW MORE

United States America Popular Telegram Group (US)