TG Telegram Group & Channel
Ибрайым Юсупов | United States America (US)
Create: Update:

​​Дузлы самаллар

Дузлы самал көтерилди қайтадан,
Есип атыр ойдан, қырдан, сай таман,
Бул апатпа, келген Қарақалпаққа?
Бир Аллаға тек наламды айтаман.

О Аллахым барма буның шарасы?
Қайдан келген, апатлығын айтып бер,
Адамлардың, көкке жетип наласы,
Пәрўардигар, Аралымды қайтып бер.

О, Аралым! бәри сениң ғайыңба?
Дуз самалга, ийилип тур қайыңда,
Ғайры журтлар көркеймекте күн сайын,
Себеп онда ай, жулдызлар жайында.

Аппақ шаңнан, көринбейди жүзимиз,
Сол тәқилет өтеме хәр күнимиз?
Дузлы шаңға буўлығысып, шақалып,
Базарлаўга баралмадық көбимиз.

Кеселликлер кетти бәри “жасарып”,
Дузлы самал “шаш ал десе бас алып”
Отырыппыз қолымызды қаўсырып,
Шарасыздан көзимизге жас алып.

Жерге “көктен” еле рухсат болған жоқ,
Күн гүркиреп, шақмақларын шаққан жоқ,
Пасылларда кетти мекен озгерип?
Данышларда, себеплерин тапқан жоқ.

Дузлы шаңнан берекетлер кетип тур,
Дала калып үйге хүжим етип тур,
Бул барыстан, Қарақалпақ халқымды,
О, Тәңирим! қандай “апат” күтип тур?.

Көп тилеги дейди: Хақтан қабылды,
Кел халайық қағайық биз дабылды,
Налышымыз жетип барып Тәңирге,
Бизден, алып кетсин-дузлы даўылды

Қам сүт емген бендемиз ғой шара жоқ,
Журегимиз, тилкимленер пара боп,
Пәрўардигар ел-халқымды сақлай гөр,
“Қаракеңе” жалғыз өзиң пана боп!

Акшолпан Аманияз 27.05.2018 жыл

​​Дузлы самаллар

Дузлы самал көтерилди қайтадан,
Есип атыр ойдан, қырдан, сай таман,
Бул апатпа, келген Қарақалпаққа?
Бир Аллаға тек наламды айтаман.

О Аллахым барма буның шарасы?
Қайдан келген, апатлығын айтып бер,
Адамлардың, көкке жетип наласы,
Пәрўардигар, Аралымды қайтып бер.

О, Аралым! бәри сениң ғайыңба?
Дуз самалга, ийилип тур қайыңда,
Ғайры журтлар көркеймекте күн сайын,
Себеп онда ай, жулдызлар жайында.

Аппақ шаңнан, көринбейди жүзимиз,
Сол тәқилет өтеме хәр күнимиз?
Дузлы шаңға буўлығысып, шақалып,
Базарлаўга баралмадық көбимиз.

Кеселликлер кетти бәри “жасарып”,
Дузлы самал “шаш ал десе бас алып”
Отырыппыз қолымызды қаўсырып,
Шарасыздан көзимизге жас алып.

Жерге “көктен” еле рухсат болған жоқ,
Күн гүркиреп, шақмақларын шаққан жоқ,
Пасылларда кетти мекен озгерип?
Данышларда, себеплерин тапқан жоқ.

Дузлы шаңнан берекетлер кетип тур,
Дала калып үйге хүжим етип тур,
Бул барыстан, Қарақалпақ халқымды,
О, Тәңирим! қандай “апат” күтип тур?.

Көп тилеги дейди: Хақтан қабылды,
Кел халайық қағайық биз дабылды,
Налышымыз жетип барып Тәңирге,
Бизден, алып кетсин-дузлы даўылды

Қам сүт емген бендемиз ғой шара жоқ,
Журегимиз, тилкимленер пара боп,
Пәрўардигар ел-халқымды сақлай гөр,
“Қаракеңе” жалғыз өзиң пана боп!

Акшолпан Аманияз 27.05.2018 жыл


>>Click here to continue<<

Ибрайым Юсупов




Share with your best friend
VIEW MORE

United States America Popular Telegram Group (US)