Қанлыкөл районының тарийхы, оның усы атамасының келип шығыўы бойынша буннан басқа да аңызлар, әпсаналар көп.
Мен еситкен әңгимелерден бири усы видеодағы мағлыўматқа жақынырақ.
Әңгиме етилиўине көре, бул жерде ҳақыйқатында да үлкен көл болған деседи. Онда балық мол болып, ол өз ғәзийнеси менен жергиликли халықты бағып отырған.
Тәбийғый түрде ол әтирапта балық услаўшы жигитлер - балықшылар болған. Олар ҳәр сапары балық услаўға, көлге жылым салыўға атланар алдында шаңарағы, ата-аналары жылымың майлы болсын, жылымың балықтың қаны менен майлансын, дегендей етип, пәтия береди екен.
Әлбетте, бул дуўалар бәржай болып, балықшылар ҳеш те балықсыз қайтпаған.
Яғный Қанлы көлде балық мол болып, көл сол аймақта жасаўшы халықтың ырысқы-несийбеси саналған. Көл тек ғана сол аймақтағы емес, алыс аймақлардағы елатларды да өз балығы менен, сақлаған деген әпсаналар бар.
Сиз Қанлыкөл ҳаққында, усы елат атамасының келип шығыў тарийхы ҳаққында басқа қандай мағлыўматларға ийесиз?
Комментарийде биз бенен бөлисиң!
>>Click here to continue<<