TG Telegram Group & Channel
Каракалпак 24 | United States America (US)
Create: Update:

МҚХ: Нөкисте пуқараны Мәмлекетлик қәўипсиз хызметине жумысқа киритип қоймақшы болған алдаўшы усланды

Хожели районында жасаўшы, 1983-жылы туўылған К.Ж. алдаў жолы менен өзге шахсты МҚХ шөлкемлерине жумысқа киритип қойыў есесине 11 мың АҚШ доллары талап етеди. Бирақ, ол соралған пулды Нөкис қаласында алған ўақтында МҚХ ҳәм прокуратура шөлкемлери хызметкерлери тәрепинен айғақлы дәлиллер менен усланды.

Сондай-ақ, тергеўге шекемги тексериў даўамында, ол алдын 4 пуқараны МҚХ шөлкемлерине жумысқа киритип қойыўды ўәде етип, алдаўшылық жолы менен олардан жәми 65 мың АҚШ доллары алғанлығы да анықланды.

Ҳәзир оған Жынаят Кодексиниң 168-статьясы ҳәм 28, 211-статьясы менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

👉 @Karakalpak24

>>Click here to continue<<

Каракалпак 24

Share with your best friend
VIEW MORE

United States America Popular Telegram Group (US)