TG Telegram Group Link
Channel: Zaman.uz|Rásmiy kanal️ ️
Back to Bottom
#ТАЙЫНЛАЎ

Абдикаликов Икрам Ережепбаевич —
"Өзбекконцерт" мәмлекетлик мәкемеси Қарақалпақстан Республикаси бөлими директоры лаўазымына тайынланды.

Усы күнге шекем И.Абдикаликов бир қанша жуўапкершиликли лаўазымларда жумыс алып барған.

@zamanuz
Кадастр инспекторларына планшетлер тапсырылды

Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен "E-YER NAZORAT" системасынан толық пайдаланыў, нызамға қайшы түрде қурылған объектлерди  анықлаў процесслеринде қолланылатуғын планшетлер Кадастр агентлигиниң  инспекторларына тапсырылды.

@zamanuz
Ертеӊнен баслап Ургут базары исбилерменлери «Акмаӊғыт дийхан базары»нда өз жумысларын баслайды.

11-март күни саат 10:00де Нөкис районы "Ақманғыт саўда компелекси"нде  Самарқанд ўәлаятының "Ургут" саўда базарының азық-аўқат, кийим-кеншек ҳәм турмыс хызметин көрсетиўши техникалары арзан баҳада сатыўын жолға қоймақта.

Район ҳәкимлигиниң жазыўынша, ендигиден баслап базар ҳәр күни шөлкемлестириледи.

@zamanuz
Нөкис қаласындағы Ҳайыт намазы оқылатуғын жоме мешитлерине келген пуқаралардың  қәўипсизлигин ҳәм жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын Ҳайыт намазы оқылатуғын жоме мешитлерине тутасқан жол ҳәм көшелерде авто транспорт қураллары ҳәрекетин ўақтынша шеклеў мақсетинде,


10-март- 11-апрель күнлери қаламыздағы

Амир Темур, Ислам сүўретши  ҳәм Зиярат жолы көшелери аралығында,

Нәўпир гүзары көшесиниң Саманбай гүзары ҳәм Шахсәнем көшелери аралығы,

қаламыз аймақларындаға 4Р191 “Нөкис киши айланба жолы” автомбиль жолларының 16,5 км аралығындағы Билимлилер көшеси менен кесилискен 4Р 4Р191 “Нөкис киши айланба жолы” автомобиль жолының 17 км аралығы менен 4Р 174 а автомобиль жолының  П.Сейтов көшеси кесилиспеси

Халықлар дослығы көшесиндеги  5-43-турақ жайлар аралығы,  Жеке терек көшесиндеги 36-46-жайлар аралығы,

Көк сарай көшесиниң Әмиў жағасы ҳәм  Келешек көшелери

саат 20:30 дан 23:30ға шекемги аралығында 3.1 «Кириў қадаған» жол белгилери ўақтынша орнатылып, тийисли тосықлар менен жабылады.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

@zamanuz
Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри тайынланды

Қуўанышбай Әзербаев Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри лаўазымына тайынланды.

Ол усы күнге шекем Қараөзек районы ҳәкиминиң финанс-экономикалық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары — экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлими баслығы лаўазымында жумыс ислеп келген.

@zamanuz
Денсаўлық ушын қәўипли дәрилер дизими жәрияланды

Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы «Фармасевтика өнимлери қаўипсизлиги орайы» мәмлекетлик шөлкеми социаллық тармақларда аздырыўшы дәри ретинде сатылып атырған өнимлерден ескертеди.

Төмендеги өнимлерди реализация қылыў ҳәм сақлаў қадағаланады:

▪️ "Реборн Ултимате"
▪️ "Липотрим Ултра"
▪️ "Сексуальная фигура”
▪️ "Ал-Шеикҳ"
▪️ "Фатзорб"
▪️ "Фатзорб Ултра"
▪️ "Фатзорб Плус"
▪️ "Спирулина"
▪️ "Арабиц"
▪️ "Редуксин Лайт"
▪️ "Код С"
▪️ "Шафран диет"
▪️ "Голд Пума"
▪️ "Блокатор жира"
▪️ "Ҳот пеппер"
▪️ "Ферментаиз"
▪️ "Липоксин для похудения"
▪️ "Куаймый Ехтра"
▪️ Слим ултра (Самюн Ўан)

Өзбекстан Республикасы аймағына нызамға қарсы жоллар менен кирип келген ҳәм Ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен өткерилген оператив илажларда дәлил болатуғын буйым ретинде алынған бул өнимлер Фармасевтика өнимлери қаўипсизлиги орайы лабораторияларында тексерилгенде олардың қурамында сибутрамин статясы бар екенлиги анықланды.

Атап өтиў керек, усы елемент Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 27-центябрьдеги «Өзбекстан Республикасында күшли тәсир етиўши дәрилер қатнасын тәртипке салыў ҳаққында»ғы 818-санлы қарары менен тастыйықланған Күшли тәсир етиўши дәрилер дизимине киритилген болып, лекин қурамында сибутрамин болған жоқарыдағы 19 түрдеги өним дәри қуралы ретинде Өзбекстан Республикасында мәмлекетлик дизиминен өткерилмеген.

Ескертип өтемиз, күшли тәсир етиўши ямаса зәҳәрли затлы дәрилерди нызамға қарсы түрде алып киргенлик ушын нызамшылығымызда жынаый жуўапкершилик белгиленген.

@zamanuz
Taqıyatas rayonı hákimine orınbasarı tayınlandı.

Aytımbetov Uluǵbek - Taqıyatas rayonı hákiminiń Jaslar siyasatı, social
rawajlandırıw hám ruwxıy -bilimlendiriw jumıslar boyınsha orınbasarı lawazımına tayınlandı.

@zamanuz
Бизге берилген хабарларға көре, Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары бас басқармасы баслығы Ш.Даўлетяров ийелеп турған лаўазымынан босатылған..

рәсмий хабарларды күтемиз.

@zamanuz
Allambergenova Aydana Uzaqbergenovna— Ózbekstan Respublikası Sanitariya-Epidemiologiyalıq tınıshlıq hám jámiyet salamatlıǵı komiteti Qaraqalpaqstan Respublikası basqarmasınıń málimleme xızmeti baslıǵı lawazımına;

Yusupbaeva Zuxra Oralbaevna — Tashkent Informaciyalıq Texnologiyaları universiteti Nókis filialınıń málimleme xızmeti baslıǵı lawazımına tayınlandı.

@zamanuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Өрт жүз берген орын «Хожели дийхан базары» ЖШЖ аймағына кирмейди

Социаллық тармақларда Хожели дийхан базарында өрт келип шыққаны ҳаққында хабарлар тарқалды.

Қарақалпақстан Республикаси Айрықша жағдайлар басқармасы мәлимлеме хызметиниң жазыўынша, Хожели районы «Мәденият» МПЖ, С.Матжанов көшеси бойында жайласқан Хожели дийхан базары ЖШЖ менен шегаралас ағып өтиўши «Таслы жап» каналының қорғаныў аймағына өзбасымшалық пенен салынған, жеңил конструкциялы саўда орынларында өрт келип шыққан.

Өрт ҳақкында 2024-жыл 14-апрель күни сәнесинде саат 01:39 шамасында Қарақалпақстан Республикаси Айрықша жағдайлар басқармасының "101" қысқа нөмерине шақырыў келип түскен ҳәм Хожели районы Айрықша жағдайлар бөлиминиң 2 өрт-қутқарыў экипажы тәрепинен өрт толық сапластырылған.

@zamanuz
Мойнақта жер нызамбузыўшылық жағдайы сапластырылды

Мойнақ районы «Мадели» АПЖ аймағында газди қайта ислеўши «ЕРИЕЛЛ» компаниясы тәрепинен Мойнақ районы тоғай хожалығына тийисли болған жерге улыўма майданы 460 кв.м қурылыс қурғаны анықланды.

Бул жағдай бойынша Кадастр агентлиги Мойнақ районы бөлими инспекторлары тәрепинен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 60-статясы 3-бөлимине тийкар ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылды ҳәмде тийисли ҳүжжетлер рәсмийлестирилип, нызамсыз жағдай сапластырылды.

Дерек: Qaraqalpaqstan kadastr

@zamanuz
Айтбаев Қабылбек Бахытбекович

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Капиталь қурылыс коммуникация, Жанылғы-енергетика, коммуналь хожалығы ҳәм абаданластырыў мәселелери бойынша секретариаты баслығы лаўазымына тайынланды.

@zamanuz
Нөкис қаласында 21-апрель күни электр энергиясы тәмийнатында  шеклеўлер болады


Тақыятас ЫЭС нан шығыӯшы жоқары кернеӯли 110 кВ "Орайлық" ҳаӯа узатыӯ тармағында реконструкция-модернизация жумыслары ѳткерилиӯине байланыслы 2024-жыл 21-апрель куни саат 09-00 ден 18-00 ге шекем Нѳкис қаласы аймағында электр энергиясы тәмийнатында  шеклеӯлер болатуғынлығын хабарлаймыз.
@zamanuz
Енди пуқараларымыз жол ҳақысын банк картасы арқалы төлей алады

Нѳкис қаласы ишинде ҳәрекетлениўши 40 дана автобусқа электрон тѳлемин қабыл етиўши стационар валидаторлар орнатылған болып, жолаўшылар банк картасы арқалы жол ҳақыны тѳлеўи мүмкин.

Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети жазбақта.

@zamanuz
Биринши Қарақалпақстан IT Форумы өткерилди


Бүгин Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде республикамызда дәслепки мәрте шѳлкемлестирилип атырған IT Форумының ашылыўы мәресими болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде барлық тараўды санластырыўға ҳәм бул процесске жасларды кеңнен тартыўға, IT ды кеңнен ен жайдырыўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти. Айтып өтиў керек, бул бағдарда жаслардың билимлерин арттырыў мақсетинде IT академия ҳәм IT парклер шѳлкемлестирилмекте, резидентлерге бир қатар салық жеңилликлери ҳәм преференциялар берилмекте.

Жаратылып берилип атырған имканиятлар нәтийжесинде бул бағдарда Қарақалпақстанда да бир қатар илажлар әмелге асырылып атырғаны тараўға қаратылып атырған итибардың нәтийжеси есапланады. Қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаўда ҳәм олардың стартап жойбарларын әмелге асырыўда бүгингидей илажлардың орны әҳмийетли есапланады ҳәм дәслепки форумның өзи мың-мыңлап жасларды өзинде қамтымақта.

Бүгинги форум шеңберинде тараўда жумыс алып барып атырған кәрханалардың ѳнимлери ҳәм хызметлери, жаслардың стартап ҳәм инновациялық жойбарлары презентациялары, усы тараўда жоқары нәтийжелерге ерискен жерлеслеримиз ҳәм исбилерменлер қатнасыўында «Шеберлик сабақлары», робототехника кѳргизбеси, IT ҳәм шет тиллерине бағдарланған оқыў орайларының кѳргизбелери орын алған. Өткерилген ашылыў салтанаты даўамында Жоқарғы Кеңес Баслығы көргизбелер менен жақыннан танысты.

@zamanuz
Ипотека банкоматлары ўақытша ислемейди

АКИБ «Ипотека банк» Қарақалпақстан Республикасы филиалына тийисли банкоматлар 27-28-апрель күнлери филиалға тийисли Uzcad ҳәм Humo банкоматлары ўақытша ислемейди.

Zaman.uz сайтна мәлим болыўынша, банкоматларда гезектеги профилактика жумыслары алып барылады.

@zamanuz
Тайынлаў

Тлеумуратов Мирас Генжемуратович – Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң орынбасары лаўазымына тайынланды.

М.Тлеумуратов усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасының Инвестицияларды тартыў, исбилерменлер менен ислесиў ҳәм олардың жумысын муўапықластырыў секторы баслығы лаўазымында жумыс алып барған.


@zamanuz
HTML Embed Code:
2024/04/28 21:36:17
Back to Top