TG Telegram Group Link
Channel: Zaman.uz|Rásmiy kanal️ ️
Back to Bottom
Берунийдағы өртте бир дана «BYD» маркалы автомобиль жанып зыянланған

24-январ күни саат 20 :17 де Беруний районы «Шаббаз» АПЖда жайласқан електромобиль автосалонында өрт жүз берген.

Уақыя орнынан 3 өрт-қутқарыў экипажы саат 20:23 те жетип барып, өрт саат 20 :48 де қоршап алынған ҳәм саат 21:08 де өширилген.

Өрт нәтийжесинде автосалонның 90 кв.м. майданда төбе бөлеги ҳәм бир дана «BYD» маркалы автомобиль жанып зыянланған.
Өрттиң себепи ҳәм материаллық зыян муғдары анықланбақта, сондай-ақ өрт әқибетинде дене жарақатын алған ҳәм қайтыс болғанлар ҳаққында мағлыўмат келип түспеген.

@zamanuz
Төрткүлде медицина бирлеспесине жумысқа киритиўди ўәде еткен шахс усланды

Мәлим болыўынша, Төрткүлде жасаўшы пуқара У.Ш. пуқара Л.К.ға таныслары арқалы медицина бирлеспесине жумысқа жайластырып бериўин ўәде еткен. Буның есесине 1700 АҚШ долларын алып атырған ўақтында усланған.

Ҳәзирде жағдай бойынша ӨзР Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылған.

@zamanuz
Алдаўшы алтын тағыншақларың пулларын қайтарып бермеген

Нөкис қаласында жасаўшы пуқара Т.Г. 2023-жыл июль-август айларында Ташкент қаласында жасаўшы Н.Б.ның исениме кирип , «Сизиң алтын тағыншаларыңызды сатып берем» деп оннан жәми 5 млрд. 222 млн сумлық алтын тағыншақларын алдап алған.

Мәлим етилўинше Т.Г. 1 млрд. 441 млн сум пулларды тағыншақлар ийеси қайтарып берип, қалған 3 млрд. 781 млн сум пулларын усы күнге шекем қайтарып берместен өз мәпине ислетип жиберген.

Жоқарыдағы ўақыя бойынша Өзбекстан республикасы Жынаят кодексиниң 168-статясы 2-бөлими «б»-бәнти менен жынатайт иси қозғатылған.

@zamanuz
Қарақалпақстанда таў-кән металлургиясы бойынша жойбарларды әмелге асырыў бағдарында Қытай компаниясы менен келисимге ерисилди

Қытай Халық Республикасында болып өткең форум шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы басшылығындағы делегация "Shandong Energy Group Co., Ltd" компаниясы басшылары менен ушырасып, еки тәреплеме сөйлесиўлер алып барылды.

"B2B" ҳәм "G2B" форматларында өткерилген ушырасыўларда Қарақалпақстан Республикасы аймағында таў-кән металлургиясы бойынша жойбарларды әмелге асырыў мәселелери талқыланды.

Компания админстрациясы менен еки тәреплеме бирге ислесиў, перспективалы жойбарлар үстинде жумыс алып барыў, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасында дәслепки баҳасы 150 млн. долларлық металлургия санааты жойбарын әмелге асырыў бойынша келисимге ерисилди.

@zamanuz
#инфографика

2024-жылдың басында қанша ҳуқық дизимнен өткерилгенлиги жәрияланды

Мәмлекетлик кадастрлары палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасына көре, 2024-жыл 1-19 январь аралығында физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын келген арзалар ҳәм Мәмлекетлик кадастрлары палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен мәмлекетлик дизимнен өткерилиў статистикасы инфорграфика түринде жәрияланды.

Онда, көшпес мүлкке болған ҳуқықларыдың мәмлекетлик дизимнен өткерилўи ең көп арзалары Нөкис қаласында (478) ҳәм ең аз көрсеткиш Бозатаў районында (9) көрсетилмекте.

@zamanuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
12-февраль күни Қарақалпақстан көркем-өнер сарайында “Yosh” эстрадалық жойбарының 2 басқышына старт бериледи.

Жойбардың мийманы болың, қатнасыўшыларды қоллап қуўтлаң!

Басланыў ўақты саат 15.00де


@zamanuz
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
«Қарақалпақстан» радиоканалы өз алдына 107,8 толқынында эфирге узатылып баслады

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығының тапсырмасы менен ғалаба хабар қуралларын қоллап-қуўатлаў, олардың нәтийжели жумыс алып барыўын тәмийинлеў бағдарында Қарақалпақстан Республикасы аймағында жергиликли мәмлекетлик “Қарақалпақстан” радиоканалының эфирге узатылыўын жақсылаў ушын 661 млн сум қаржы ажыратылып, Нөкис радиотелестанциясына RT-FMS-2001 маркалы 2,0 кВт қуўатлылыққа ийе аналог радиоузатқыш орнатылды.

Соның нәтийжесинде “Қарақалпақстан” радиоканалы бүгиннен баслап 107,8 толқынында 24 саат даўамында эфирге узатылмақта. 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстанда неше электромобиль ҳәм электромобиллерди қуўатлаў станциялары бар?

Мәлим болыўынша, ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасында 371 электромобиль бар болып, оларға 4 электромобиллерди қуўатлаў станциялары хызмет көрсетип атыр.

Электромобиллерге берилген жеңилликлер:

⛽️ 2026-жыл 1-январьға шекем электромобиллерди қуўатлаў станциялары орнатылған жерге жер ҳәм мал-мүлк салығы төленбейди;

🚗 Республикада ислеп шығарылған электрокартлар утилизация жыйымынан азат етиледи;

💸 Дизимнен өткериўге 3 процентлик жыйым төленбейди;

2030-жылға шекем бажыхана төлемлери ҳәм акциз салығынан азат етиледи.

@zamanuz
#Адвокат_хызмети

Суд-ҳуқық мәселелери бойынша сораўларыңыз барма?


Сизиң ҳуқықыңызды 5 жылдан аслам адвокатурада, 30 жылдан аслам прокуратура органларында жемисли мийнет еткен тәжирийбели юрист кадр қорғаўын қәлейсизбе?

Онда сизге адвокат Есемуратов Лепесбай Ажимуратович тәрепинен көрсетилетуғын  хызметлерди усынамыз.

🔖Пуқаралар ҳәм юридикалық шахсларға шәртнама тийкарында юридикалық хызмет көрсетиледи.

📍Мәнзил: Нөкис қаласы,
Әмир Темур көшеси 127А жай 3-қабат 302-хана. 
📌Бағдар: Master Service

☎️Телефон: +99 890 954 80 90
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Тайынлаў

Палўанова Гүлмира Аралбаевна
— Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң баспасөз хаткери-мәлимлеме сиясаты бойынша мәсләҳәтшиси лаўазымына тайынланды.

Усы күнге шекем Г.Палўанова "Қарақалпақстан мәденияты" газетасы бас редакторы болып жумыс алып барды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
ABYALÍ BOLÍŃ!
Hár bir qars jerdıń esabı bar. Qadaǵalawıda kúshli ‼️


Prezidentimiz basshılıǵında 2023-jıl 27-oktyabr kúni ótkerilgen jıynalısta respublikada 2 million 400 mıńnan aslam turaq jaylardıń iyelik huqıqı joqlıǵı, olardıń kadastr hújjeti islense, adamlarǵa huqıqıy, ekonomikalıq sharayat bolıwı atap ótilip, hújjetsiz úy-jaylarǵa iyelik huqıqın beriw boyınsha nızam joybarın juwmaqlaw tapsırması berilgen.

❗️Biraq ele nızam qabıl etilmesede, hújjetlestirip alıw niyetine ayırım puqaralar tárepinen jerlerdi ózbasımshalıq penen iyelep alıw hám qurılıs qurıw jaǵdayları ushıramaqta.

Tolıq videoda.
Forwarded from QARAQALPAQSTAN KADASTR
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
👍👍👍👍👍👍
Endi Kadastr inspektorları arnawlı Planshet hám Body kamera menen jumıs alıp baradı.

Kadastr inspektorları korrupsiyaǵa jol qoymaydı, Sebebi Planshet hám Body kamera hámmesin qadaǵalaydı.

Kadastr agentligi tárepinen "E-yer nazorat" avtomatlastırılǵan málimleme sistema dásturi islep shıǵıldı. Onda jer nızambuzıwshılıq jaǵdayları kosmik syomkalar arqalı qadaǵalanadı.

Nizam buzıwshılıq anıqlanıp, saplastırılǵanǵa shekem bolǵan process artıqsha qaǵazlarsız dástúrde júritiledi.

Qaraqalpaqstan kadastr
Telegram | Instagram  | Facebook | Youtube|Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Халық ийгилиги жолында

Қарақалпақстан ҳәм Хорезм халқы ушын жыллар даўамында арзыў болып келген заманагөй көпир қурылысы Президентимиздиӊ 2020-жыл 13-декабрь күни Хорезм ўәлаяты белсендилери менен ушырасыўында билдирген усынысы менен басланған еди.

Пүткил мәмлекетимиз ушын әҳмийетли есапланған Қараөзек районынан Әмиўдәрья ҳәм Гурлан районлары арқалы Шовот районы менен байланыстырыўшы темир жол узынлығы 85 км.ди қурайды.

Ең жақын автомобиль ҳәм темир жолға ийе, узынлығы 423, бийиклиги 11,5 кеӊлиги 8 метр болған усы көпир күнине 12 мың автомобиль ҳәм 24 жуп поезд өткериў имканиятына ийе.

Жаңа көпир ҳүрметли Президентимиз тәрепинен пайдаланыўға тапсырылғаннан соң жүк ҳәм жолаўшы тасыў аралығы сезилерли дәрежеде қысқарды.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ТАЙЫНЛАЎ

Абдикаликов Икрам Ережепбаевич —
"Өзбекконцерт" мәмлекетлик мәкемеси Қарақалпақстан Республикаси бөлими директоры лаўазымына тайынланды.

Усы күнге шекем И.Абдикаликов бир қанша жуўапкершиликли лаўазымларда жумыс алып барған.

@zamanuz
Кадастр инспекторларына планшетлер тапсырылды

Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен "E-YER NAZORAT" системасынан толық пайдаланыў, нызамға қайшы түрде қурылған объектлерди  анықлаў процесслеринде қолланылатуғын планшетлер Кадастр агентлигиниң  инспекторларына тапсырылды.

@zamanuz
Ертеӊнен баслап Ургут базары исбилерменлери «Акмаӊғыт дийхан базары»нда өз жумысларын баслайды.

11-март күни саат 10:00де Нөкис районы "Ақманғыт саўда компелекси"нде  Самарқанд ўәлаятының "Ургут" саўда базарының азық-аўқат, кийим-кеншек ҳәм турмыс хызметин көрсетиўши техникалары арзан баҳада сатыўын жолға қоймақта.

Район ҳәкимлигиниң жазыўынша, ендигиден баслап базар ҳәр күни шөлкемлестириледи.

@zamanuz
Нөкис қаласындағы Ҳайыт намазы оқылатуғын жоме мешитлерине келген пуқаралардың  қәўипсизлигин ҳәм жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын Ҳайыт намазы оқылатуғын жоме мешитлерине тутасқан жол ҳәм көшелерде авто транспорт қураллары ҳәрекетин ўақтынша шеклеў мақсетинде,


10-март- 11-апрель күнлери қаламыздағы

Амир Темур, Ислам сүўретши  ҳәм Зиярат жолы көшелери аралығында,

Нәўпир гүзары көшесиниң Саманбай гүзары ҳәм Шахсәнем көшелери аралығы,

қаламыз аймақларындаға 4Р191 “Нөкис киши айланба жолы” автомбиль жолларының 16,5 км аралығындағы Билимлилер көшеси менен кесилискен 4Р 4Р191 “Нөкис киши айланба жолы” автомобиль жолының 17 км аралығы менен 4Р 174 а автомобиль жолының  П.Сейтов көшеси кесилиспеси

Халықлар дослығы көшесиндеги  5-43-турақ жайлар аралығы,  Жеке терек көшесиндеги 36-46-жайлар аралығы,

Көк сарай көшесиниң Әмиў жағасы ҳәм  Келешек көшелери

саат 20:30 дан 23:30ға шекемги аралығында 3.1 «Кириў қадаған» жол белгилери ўақтынша орнатылып, тийисли тосықлар менен жабылады.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

@zamanuz
Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри тайынланды

Қуўанышбай Әзербаев Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри лаўазымына тайынланды.

Ол усы күнге шекем Қараөзек районы ҳәкиминиң финанс-экономикалық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары — экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлими баслығы лаўазымында жумыс ислеп келген.

@zamanuz
Денсаўлық ушын қәўипли дәрилер дизими жәрияланды

Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы «Фармасевтика өнимлери қаўипсизлиги орайы» мәмлекетлик шөлкеми социаллық тармақларда аздырыўшы дәри ретинде сатылып атырған өнимлерден ескертеди.

Төмендеги өнимлерди реализация қылыў ҳәм сақлаў қадағаланады:

▪️ "Реборн Ултимате"
▪️ "Липотрим Ултра"
▪️ "Сексуальная фигура”
▪️ "Ал-Шеикҳ"
▪️ "Фатзорб"
▪️ "Фатзорб Ултра"
▪️ "Фатзорб Плус"
▪️ "Спирулина"
▪️ "Арабиц"
▪️ "Редуксин Лайт"
▪️ "Код С"
▪️ "Шафран диет"
▪️ "Голд Пума"
▪️ "Блокатор жира"
▪️ "Ҳот пеппер"
▪️ "Ферментаиз"
▪️ "Липоксин для похудения"
▪️ "Куаймый Ехтра"
▪️ Слим ултра (Самюн Ўан)

Өзбекстан Республикасы аймағына нызамға қарсы жоллар менен кирип келген ҳәм Ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен өткерилген оператив илажларда дәлил болатуғын буйым ретинде алынған бул өнимлер Фармасевтика өнимлери қаўипсизлиги орайы лабораторияларында тексерилгенде олардың қурамында сибутрамин статясы бар екенлиги анықланды.

Атап өтиў керек, усы елемент Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 27-центябрьдеги «Өзбекстан Республикасында күшли тәсир етиўши дәрилер қатнасын тәртипке салыў ҳаққында»ғы 818-санлы қарары менен тастыйықланған Күшли тәсир етиўши дәрилер дизимине киритилген болып, лекин қурамында сибутрамин болған жоқарыдағы 19 түрдеги өним дәри қуралы ретинде Өзбекстан Республикасында мәмлекетлик дизиминен өткерилмеген.

Ескертип өтемиз, күшли тәсир етиўши ямаса зәҳәрли затлы дәрилерди нызамға қарсы түрде алып киргенлик ушын нызамшылығымызда жынаый жуўапкершилик белгиленген.

@zamanuz
Taqıyatas rayonı hákimine orınbasarı tayınlandı.

Aytımbetov Uluǵbek - Taqıyatas rayonı hákiminiń Jaslar siyasatı, social
rawajlandırıw hám ruwxıy -bilimlendiriw jumıslar boyınsha orınbasarı lawazımına tayınlandı.

@zamanuz
HTML Embed Code:
2024/03/29 14:34:17
Back to Top