TG Telegram Group Link
Channel: KRuz.uz |Рәсмий канал
Back to Bottom
❗️Жоқары билимлендириўдеги соңғы жаңалықлар

- Сыртқы тәлим формасы жабылады. Яғный сыртқы тәлим формасы басқышпа-басқыш аралықтан оқыў (онлайн) формасын кеңейтиў ҳәм узайтырылған тәлим формасын енгизиў арқалы сапластырылады.

- Оқыўға грант тийкарында киргенлер екинши курстан баслап рейтинг көрсеткишлери бойынша ең жоқары нәтийжелерди көрсетсе ғана грантта оқый алады, егер көрсеткиш төмен болса, контракт болып қалады;

- Мақсетли квота ҳәм жеңиллик тийкарында оқыўға кирген студентлер социаллық хошаметлеўши грант тийкарында толық бийпул оқытылады;

- ЖОО қабыллаў еки басқышта өткерилетуғын болды: биринши – дизимнен өтип пәнлерди сайлайды, екинши – тест нәтийжесине қарап тәлим бағдарын ҳәм оқыў орынын сайлайды.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Дерек

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Ҳүрметли урыс ҳәм мийнет фронты қатнасыўшылары!

Бүгинги даңқлы сәнени шексиз қуўаныш соның менен бирге терең қайғы-ҳәсирет пенен еслеймиз. Ўатан азатлығы ушын, ҳәзирги тыныш ҳәм татыў күнлер ушын саўаш майданларында аманатын тапсырған ата-бабаларымызды, фронт артында пидайы мийнет еткен ўатанласларымыздың муқәддес естелигин яд етип, ҳүрметимизди билдиремиз.

Сиз әзиз ҳәм даңқлы ветеранларымыздың теңсиз қаҳарманлықларыңыз пүткил инсаният тарийхына мәнгилик өшпейтуғын, уллы, өз алдына бир бет сыпатында жазылғанлығын терең миннетдаршылық пенен атап өтемиз.

Теберик жасқа жетип, бүгин арамызда саў-саламат, дуўалы болып жүрген урыс ҳәм мийнет фронтының барлық жаўынгерлерине және бир мәрте жоқары меҳир ҳәм ҳүрметимизди инәм етип, олардың барлығына шын жүректен рахмет айтамыз.

Турмыстың аўыр ҳәм ашшы сынаўларын мәртлерше жеңип өткен Сиз, әзизлердиң елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, жасларды Ўатанға мухаббат ҳәм садықлық руўхында, жетик инсан етип тәрбиялаўға қосып атырған мүнәсип үлесиңизди халқымыз жақсы биледи.

Сизлердиң уллы қаҳарманлықларыңыз ҳәм пидайы хызметлериңиз ушын бәршемиз бас ийип тәжим етемиз.

Гүллән халқымызды бүгинги байрам менен қутлықлап, беккем ден саўлық, шаңарағыңызға аўызбиршилик, ийгиликли ҳәм машақатлы жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз!

Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы


👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
💸 ANOR BUSINESSdan yuridik shaxslar uchun yangi "Bonus" depoziti: rekord darajadagi daromad va 15% gacha bonus!

Afzalliklari nimada?

Unumli stavka:

🔸 Milliy valyutada: yillik 21% + bonus yillik 15% (oyning oxirgi kuniga)
🔸 Xorijiy valyutada: yillik 8% + bonus yillik 10% (oyning oxirgi kuniga)

🔹 61 kun va undan ortiq muddatga foizlarni yo'qotmasdan milliy valyutada muddatidan oldin yechib olish - 21%
🔹 61 kun va undan ortiq muddatga xorijiy valyutada foizlarni yo'qotmasdan muddatidan oldin yechib olish - 8%

🌐Depozitni ANOR BUSINESS saytida onlayn ochish mumkin

Mablag’laringizni ko‘paytirish imkoniyatini qo‘ldan boy bermang! 🌱💰

📞Batafsil: 1290;90 595 07 77;91 391 33 00 raqamlar orqali

Reklama
#Тарқатың

Турақ жай ушын субсидия кимлерге бериледи?

Нызамшылыққа муўапық, турақ жай сатып алыў ямаса жеке тәртиптеги турақ жайларды қурыў ҳәм реконструкция қылыў ушын субсидия дараматы жоқары болмаған ҳәм турақ жайын жақсылаўға мүтәж пуқараларға ажыратылыўы белгиленген.

Яғный орташа айлық дараматы төмендегише болғанлар дараматы жоқары болмаған пуқара ямаса шаңарақ деп есапланады:

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда белгиленген мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 2,7 есесинен 8 есесине шекем (2 млн 835 мың сомнан 8 млн 400 мың сомға шекем);

Мағлыўмат ушын: бүгинги күнде мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары 1 млн 50 000 сом.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Қарақалпақстанда ҳәзир жасап киятырған урыс қатнасыўшыларын таныйсыз ба? (фото)

«KRuz.uz»ға мәлим болыўынша, ҳәзирги күнде Қарақалпақстан Республикасы аймағында еки екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы жасап келмекте. Олар:

Галенко Иван Федотович 1924-жыл, 14-март күни туўылған (99 жаста). Миллети – украин. Бүгинги күнде Төрткүл районындағы «Боғёп» МПЖда жасап келмекте. (1-сүўрет).

Қәдирбай Нарманов 1925-жыл, 13-октябрь күни туўылған (98 жасты қарсылаў қарсаңында). Миллети – өзбек. Бүгинги күнде Нөкис қаласындағы «Әмиўдәрья» МПЖда жасап келмекте. (2-сүўрет).

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
👉
@KRuzuz
Қарақалпақстандағы екинши жәҳән урысы қатнасыўшылары «Ардақлы нураный» көкирек белгиси менен сыйлықланды

Жоқарғы Кеңестиң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳәм Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарход Эрманов екинши жәҳән урысы қатнасыўшылары Қәдирбай Нарманов, Мария Ивановна және Галенко Иван Федотовичтиң шаңарағында болып, урыс қатнасыўшыларына 20 миллион сом муғдарындағы бир мәртелик ақшалай сыйлықты тапсырды.

Сондай-ақ, оларға мәмлекетимиз тәрепинен ажыратылған баҳалы саўғалар, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы қарары менен «Ардақлы нураный» көкирек белгиси, Министрлер Кеңеси, Арқа-батыс әскерий округи, ҳәкимликлер ҳәм бир қатар шөлкемлер атынан баҳалы саўғалар тапсырылды.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Өзбекстан ЖООларында стипендиялар асырылама?

Министр орынбасары сораўға жуўап берди.

Толық оқыў 👇
https://kruz.uz/uz/news/show/369

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Оқыўға кириўдеги минимал өтиў балы 2 басқышта асырылады

ЖOOларда грант тийкарында оқыған студентлердиң оқыўды тамамлағаннан кейин 3 жыл ислеп бериў миннетлемеси бийкар етиледи.

Оқыўға кириў ушын минимал өтиў балын 2 басқышта асырып, денсаўлықты сақлаў, ҳуқық, бизнес ҳәм басқарыў бағдарлары ушын - 94,5 балл, басқа жөнелислер ушын - 75,6 балл етип белгилениўи күтилмекте.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Мойнақтағы каналға зәҳәрли кислота төгилдиме?

Социаллық тармақларда Мойнақ районы, Мойнақ МПЖ аймағындағы "Жеткиншек" каналына "тоник" аўдарылып кеткени ҳәм ишинде кистола бар болыўы мүмкинлиги соның нәтийжесинде суўға зәҳәрли затлар араласқаны бойынша хабарлар тарқалды.

«Қарақалақ суў тәмийнаты» АЖ мәлимлеме хызмети жазыўынша, қәнигелер ҳәм лаборотория хызметкерлериниң өткерген лабороториялық тексериўлери нәтийжесинде суў қурамында ҳеш қандай зиянлы химиялық бирикпелер анықланбаған.

Канал суўлары ирригация хызметлери ушын яғный абаданластырыў ҳәм тереклерди суўғарыў мақсетинде пайдаланылады. Мағлыўмат сыпатында, ҳәзирде ҳәдийсени әмелге асырған жүк машинасы ийеси излестирилмекте.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Университетти өзим таңламағанман - Мийригул менен АҚШтағы ЖООна алмасыў программасы ҳәм ҳужжет тапсырыў процесслери ҳаққында

Мийригул Уразымбетова ҳәзир АҚШта Global UGRAD студентлер алмасыў программасы арқалы Алабама университети Химия инжиниринг факультетинде оқыйды. Ол “KRuz”ға UGRAD программасы, ҳужжет тапсырыў процесслери ҳәм бул бағдарлама беретуғын имканиятлар ҳақкында айтып берди.

Толық оқыў👇
https://kruz.uz/uz/news/show/370

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
🌊Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрьяға суў келиў прогнозлары қандай?

Быйылғы жаўынлар нәтийжесинде Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья дәряларында суў көлеми жақсы болыўы күтилмекте. Көп жыллық нормаларға салыстырғанда Сырдәрьяда 85-90%, Әмиўдәрьяда 90 -95 %ке шекем суў болыўы болжаў етилип атыр. Бүгинги күнде суў базаларымызда өткен жылға салыстырғанда 1,5 млрд куб артықша суў резерви жаратылған, — дейди Суў хожалығы министри Ш.Ҳамроев.

Соның менен бирге, министр соңғы жыллардағы ашықлық сиясаты нәтийжесинде қоңсы мәмлекетлер менен көп мәселелерде, атап айтқанда, суў мәселесинде де жақыннан шерикликте жумыслар алып барылып атырғанын айтып өтти.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🔥«Хорезм» — «Арал» ойынында «Арал» жеңиске еристи

ПроЛиганың 7-тур ойынлары шеңберинде «Арал» «Хорезм»ди 0:1 есабында жеңди. Гол Саламат Қутыбаев тәрепинен урылған.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
HTML Embed Code:
2024/06/08 17:24:09
Back to Top