TG Telegram Group Link
Channel: Huqıqıy málimleme QR
Back to Bottom
#Билесизбе

Нызамшылыққа көре, пәрўаз тасыўшы тәрепинен белгиленген анық ўақыттан кешиксе, тасыўшы жолаўшыға жеткерилген зыянды қаплаўы шәрт. Зыян муғдары пәрўаз купоны баҳасынан келип шыққан ҳалда тасыўшы тәрепинен белгиленеди.

▶️ Жолаўшыға жеткерилген зыян ушын тасыўшы тәрепинен төмендеги бийпул қосымша хызметлер көрсетиледи:

бир мәрте телефон арқалы сөйлесиў ямаса телеграмма жибериў ямаса басқа байланыс хызметлеринен пайдаланыўды тәмийинлеў;

пәрўазға шекем күтиў дәуиринде ямаса транспорттың басқа түри арқалы тасыўға шекемги болған ўақытта азық-аўқат ҳәм ишимлик суўы менен тәмийинлеў;

тасыўшы қағыйдаларында белгиленген мүддет күтиў ўақтынан көре көбирек болса, мийманхана менен тәмийинлеў;

кутиў ўақтында транспорт арқалы аэропорттан ўақтыншалық жасаў орнына шекем жеткерип қойыў ҳәм қайтыўды тәмийинлеў;

билетте нәзерде тутылған тутас рейслерге кешигиў менен байланыслы қәрежетлерди төлеў.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme
#Билесизбе

Нызамшылыққа көре, үй-жайға мүтәж, атап айтқанда жеке уй-жай қорында ижара ҳуқықы тийкарында жасап киятырған "Ҳаяллар дәптери"не киритилген мүтәжлиги бар ҳаял-қызларға олар тәрепинен төленетуғын айлық ижара төлеминиң 50 пайызы, бирақ көби менен 500 мың сўмға шекемги болған бөлеги "Ҳаяллар дәптери" қоры ҳәм де орынлардағы ҳәкимликлердиң жергиликли бюджет қаржылары есабынан қаплап берилиўи белгиленген.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme
#Билесизбе

✔️ Нызамшылыққа көре, жаңа мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери искерлигин көп квартиралы үйлердиң натурақ қабатларында ямаса жеке тәртипте қурылған үй-жайларды сатып алыў ҳәм кейинрек оларды ремонтлаў ҳәм де үскенелеў арқалы шөлкемлестириўге рухсат етилген.

🏫 Соның менен бирге, мәмлекетлик-меншикли бирге ислесиў жойбары шеңберинде ижараға берилген жер участкасында мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми имаратын қурған меншикли бирге ислесиў тәрепинен бул имараттың усы жойбар ушын банк кредитлери бойынша гиреўге қойылыўына байланыслы шеклеўлер бийкар етилген.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
🔰Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң
2024-жыл 16-апрельдеги 204-санлы қарарының қысқаша мазмун-мәниси


Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme
🔰Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң
2024-жыл 16-апрельдеги 204-санлы қарарының қысқаша мазмун-мәниси


Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme
🔰Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң
2024-жыл 16-апрельдеги 204-санлы қарарының қысқаша мазмун-мәниси


Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme
🔰Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң
2024-жыл 16-апрельдеги 204-санлы қарарының қысқаша мазмун-мәниси


Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme
#Билесизбе

🔰 Автобуста ҳәрекет қәўипсизлигине қәўип салыўшы қолайсызлықлар пайда болғанда, соның менен бирге айдаўшы өзин жаман сезингенде автобус ҳәрекети тезлик пенен тоқтатылыўы керек.

▶️ Айдаўшының автобусты басқарыў ўақты 9 сааттан артық болғанда ямаса жөнелис узақлығы 400 км ҳәм оннан артық болса автобуста жолаўшылар тасыўды шөлкемлестириўде автомобильде айдаўшының дем алыўы ушын орын үскенелениўи ҳәм қатнаўға еки айдаўшы жиберилиўи керек.

🚫 Қалаларара-ўәлаятларара ҳәм халықаралық жөнелислерде 400 км ҳәм оннан узақ жөнелислерде автотранспорт қуралларында жолаўшылар тасыўды бир айдаўшы менен шөлкемлестириў қадаған етиледи.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme
#Билесизбе

🚫 Нызамшылыққа көре, төмендегилер қадаған етиледи:

🔹энергетик ишимликлер үлгилерин ер жетпегенлер арасында реклама қылыў мақсетинде бийпул тарқатыў;

🔹ер жетпегенлерге энергетик ишимликлерди реклама қылыў;

🔹тийкарынан жас өспиримлер ушын бағдарланған илажларға қәўендерлик қылыў, егер бунда энергетик ишимликлердиң атынан, товар белгисинен (хизмет көрсетиў белгисинен) ямаса суўретинен пайдаланылатуғын болса;

🔹ер жетпегенлер арасында энергетик ишимликлердиң атынан, товар белгисинен (хызмет көрсетиў белгисинен) ямаса суўретинен пайдаланылған товарларды (футболкалар, бас кийимлер, ойынларды ҳәм басқаларды ) тарқатыў, сондай-ақ сатыў;

🔹тийкарынан балалар ҳәм өспиримлер ушын бағдарланған басылымларда, соның менен бирге медицина, спорт ҳәм билимлендириў мәкемелеринде ҳәм де шөлкемлеринде энергетик ишимликлерди реклама қылыў.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme
#Билесизбе

🔘 Кәмбағал ҳәм жумыссыз пуқараларды исбилерменликке тартыў, олардың мийнет искерлигин асырыў бойынша төмендеги жеңилликлер белгиленген:

🔹исбилерменлерге жумыс орынларын ҳәм шәраятларын майыплығы болған шахсларға сәйкеслестириў ушын ҳәр бир сәйкеслестирилетуғын жумыс орны ушын БЕМ ның 40 есеси (13 млн 600 мың сўм) муғдарына шекем;

🔹исбилерменлик искерлигин баслап атырған жумыссыз пуқараларға исбилерменлик субъекти ретинде мәмлекетлик дизимнен өткеннен кейин дәслепки үш ай даўамында алынған жай ҳәм қурылыстың ижара төлеми;

🔹өнерментлердиң “Өнермент” аўқамына ағзалық қәрежетлерин қаплаўы ушын субсидия ажыратылады.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme
#Билесизбе

❗️ Мәмлекетлик пуқаралық хызметкери коррупцияға қарата аяўсыз мүнәсибетте болыўы ҳәм коррупцияға алып келиўи мүмкин болған ҳәрекетлердиң (ҳәрекетсизликтиң) алдын алыўы шәрт.

Егер мәмлекетлик пуқаралық хизметкери коррупция фактлары ҳаққындағы мәлимлемеге ийе болса, ол коррупцияның алдын алыў ушын зәрүр илажлар көриўи, сондай-ақ жоқары турыўшы мәмлекетлик уйымын (лаўазымлы шахсын ) ямаса коррупцияға қарсы гүресиў бойынша арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымын тезлик пенен хабардар етиўи ямаса ҳуқықты қорғау уйымына мүрәжат етиўи керек.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme
#Билесизбе

🗓 Нызамшылыққа көре, 2024-жыл 1-июннан пайдаланылған электр энергиясы ҳәм тәбийий газ бойынша айлық мағлыўмат “базалық норма” ҳәм оннан артық қөлемлер кесиминде тутыныўшыларға жибериледи

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme
#Билесизбе

🔰 Жылытыў мәўсиминде компенсациялар берилиўши мүтәжлиги бар шаңарақ ретинде “Социаллық қорғаў бирден-бир реестры” системасына киргизилген шаңарақлар түсиниледи.

📌 “Социаллық қорғаў бирден-бир реестры” системасына киргизилмеген шаңарақлар “Мәҳәлле жетилиги”не мүрәжат етиўлери мүмкин. “Мәҳәлле жетилиги” тәрепинен Бирден-бир реестрына кирмеген мүтәжлиги бар шаңарақлардың қосымша дизими қәлиплестириледи.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme
🔰Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң
2024-жыл 16-апрельдеги 204-санлы қарарының қысқаша мазмун-мәниси


Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme
🔰Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң
2024-жыл 16-апрельдеги 204-санлы қарарының қысқаша мазмун-мәниси


Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
📊 Elektr energiyasın tejeseńiz, pulıńız tejeledi

📄 Húkimet qararı menen, 1-maydan baslap 1 kVt/saat elektr energiyasınıń bahası 450 swm boladı. Endi elektrden kóp paydalanǵanlar kóp pul tóleydi, az paydalanǵanlar az tóleydi. Yaǵnıy:

👁 ayına 200 kVt/saatqa shekem – 450 swm;
👁 ayına 201 kVt/saattan 1 000 kVt/saatqa shekem – 900 swm;
👁 ayına 1 001 kVt/saattan 5 000 kVt/saatqa shekem – 1 350 swm;
👁 ayına 5 001 kVt/saattan 10 000 kVt/saatqa shekem – 1 575 swm;
👁 ayına 10 000 kVt/saat hám onnan joqarısına – 1 800 swm etip belgilenbekte.

💳 Sonday-aq, 2024-2025-jıl jılıtıw máwsiminde (noyabr–fevral aylarında) sociallıq qorǵawǵa mútáj shańaraqlarǵa 270 mıń swm muǵdarında bir mártelik materiallıq járdem pulları beriledi.

🤝 Húrmetli watanlaslar! Endi elektrden qansha kóp paydalansańız — sonsha kóp pul tóleysiz. Sonlıqtan, elektr energiyasın únemleyik!

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme
#2024_жыл_1_майдан

🗓Нызамшылыққа көре, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын жаңа мәжбурий төлемлер ҳәм жыйымларды тек ғана нызамда белгилеў әмелияты киритиледи.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme
#2024_жыл_1_майдан

Нызамшылыққа муўапық, реестрге киргизилген жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларға ҳәр айлық үй-жай коммунал хызметлер ҳақысын төлеў бойынша компенсация ҳәм де азық-аўкат өнимлери ҳәм жеке гигиена товарлары ушын ҳәр айда қосымша пул төлемлери орнына жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар ушын ҳәр айда минимал тутыныў қәрежетлери муғдарында материаллық жәрдем енгизиледи.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
🔰Газ ҳәм "свет": жаңа қарар ҳаққында туўры талқылаў

❗️Социаллық норма, ысырап ҳәм үнемлилик, жаңа баҳалар ҳәм де мүтажлиги бар шаңарақларға компенсациялар сыяқлы энергоресурслар бойынша қабыл етилген жаңа қарардың әҳмийетли ҳәм итибарға ылайық тәреплери «Объектив»тиң аналитикалық - ҳуқықый нәзеринде болды.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme
HTML Embed Code:
2024/04/24 16:49:24
Back to Top