TG Telegram Group Link
Channel: alberuniy.uz| Rásmiy kanal
Back to Bottom
ЖУМА КҮНИҢИЗ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!

🤲 Ийгиликли әмеллер қылыў ушын имкан берип, таңда оятқан Аллаҳға есапсыз шүкирлер болсын!

🤲 Баслап алған ЖУМА күниңиз мүбәрек болсын! Ҳәр бир саўаплы ислериңизде Аллаҳ яр ҳәм жәрдемшиңиз болсын!

🤲 Аллаҳ тааладан өзиңизге, шаңарағыңызға ҳәм сизге әзиз болған бәрше жақынларыңыз ушын мәғфират (гүналар кеширилиўин) сораң!

🤲 ЖУМА күниңиз жақсылық пенен баслансын, шаңарақларымыздан тынышлық, татыўлық, саламатлық ҳәм берекет айрылмасын!

🤲 ЖУМА күнинде Аллаҳ таала дуўаларымызды қабыл етсин, ырысқымызға берекет берсин!


ЖУМА МҮБӘРЕК БОЛСЫН!

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
telegram| youtube| facebook| instagram

Интернет сайтымыз: alberuniy.uz
#ҳәдийс

ШӘПӘӘТ

1⃣. Расулулаҳ саллаллаҳу алайҳи ўассаллам:
«Қиямет күни: — «Я Раббим зәрре муғдарында ийманы болғанды жәннетиңе киргиз», — деймен. Олардың бәршеси жәннетке киреди», деди.
(Имам Бухарий рәўияты)

2⃣. Расулулаҳ саллаллаҳу алайҳи ўассаллам:
«Меннен алдын келген пайғамбарлардың ҳеш қайсысына берилмеген бес нәрсениң бири шәпәәт. Егер ширк пенен өлмеген (ийман менен өлген) адамлардың бәршесин шәпәәт етемен», деди.
(Имам Баззр рәўияты)

3⃣. Расулулаҳ саллаллаҳу алайҳи ўассаллам:
«Нәпсилерине алданғанларды шәпәәт етемен», деди.
(Имам Дайламий рәўияты)

4⃣. Расулулаҳ саллаллаҳу алайҳи ўассаллам:
«Шәпәәтиме исенбеген адам оннан бос қалады», деди.
(Ширъатул Ислам)

❗️Демек, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаламның шәпәәтине ерисиў ушын оған салаўат айтыўды көбейтиўимиз керек әзизлер.

🌺Аллоҳумма солли ала Муҳаммад

🌺Аллоҳумма солли ўә сәллим ўә бәәрик алайҳ

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
telegram| youtube| facebook| instagram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: "Маған жума күни көп салаўат айтың. Себеби маған ҳәр жума үмметимниң маған айтқан салаўатлары көрсетиледи. Ким маған көп салаўат айтқан болса, (қыяметте) маған ең жақынлардан болады", – деген.
Байҳақий рәўияты.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
telegram| youtube| facebook| instagram

Интернет сайтымыз: alberuniy.uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: "Маған жума күни көп салаўат айтың. Себеби маған ҳәр жума үмметимниң маған айтқан салаўатлары көрсетиледи. Ким маған көп салаўат айтқан болса, (қыяметте) маған ең жақынлардан болады", – деген.
Байҳақий рәўияты.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook|instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
ЖУМА КҮНИҢИЗ БЕРЕКЕТЛИ, ТИЛЕГИҢИЗ ҚАБЫЛ БОЛСЫН ҚӘДИРДАН!

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook|instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
Перзентлериңиз сизге басқа адамлар ҳаққында гәп жеткерип келсе, оны бул истен қайтарың.
Сонда оны тыңшылық ҳәм ғыйбат қылыў деген жаман иллетлерден қутқарған боласыз.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

alberuniy.uz| youtube| facebook|instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#мағлыўмат

ҚУРАНЫ КӘРИЙМ ҲАҚҚЫНДА МАҒЛЫЎМАТЛАР

🔹Ең узын сүре – Бақара сүреси болып, 286-аяттан ибарат;

🔹Ең кишкене сүре бул – Кәўсар сүреси болып, 3-аятдан ибарат;

🔹Ең узын аят бул – Бақара сүреси 282-аят. Бул аяты кәриймада қарыз алды-бердиси ҳаққында көрсетпелер келген;

🔹Ең қысқа аят – "Ҳа мийм" ол жети сүрениң басында келеди. Оннан басқа қысқа ҳәриплер менен басланған аятлар бар. Олар: Ғофир, Фуссилат, Шуўро, Зухруф, Духон, Жасия, Аҳқоф, Ясин, Тоҳа.

🔹Ең биринши сүре – Фатиҳа сүреси;

🔹Ең ақырғы сүре – Нас сүреси;

🔹Ең биринши назыл болған сүре – Иқро, яғный Алақ сүреси;

🔹Ең ақырғы назыл болған сүре – Наср сүреси;

🔹Қураны кәриймди ең биринши еситкен адам – Хадича анамыз;

🔹Ең биринши динсизлерге еситтирген адам – Абдуллаҳ ибн Масъуд разыяллаҳу анҳу;

🔹Ең уллы аят – Аят ал-курсий.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook|instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#тәрбия

ЖАС ШАҢАРАҚ ҚУРҒАН ЕРЛИ-ЗАЙЫПЛЫЛАР УШЫН МӘСЛӘҲӘТЛЕР

1. Ҳеш қашан бир-бириңизди алдамаң. Бул қылмыс шаңарақтың бузылыўына алып келиўи мүмкин;

2. Күшли ер болың ҳәм күшли ерге ылайық нәзик ҳаял болың;

3. Бос ўақтыңызды интернет тармақларында өткериўден көре, бир-бириңизге ўақыт ажратың. Бул исте әлбетте сыпат керек, муғдар емес;

4. Арзымаған нәрселерден урыс шығара бермең. Бул ис ҳәр дайым келиспеўшиликке себеп болады;

5. Шаңарақта еркек адам баслық, ал ҳаял ўәзир болсын. Егер усындай болмаса бахытлы шаңарақ қурыў қыйын;

6. Перзентлериңиздиң алдында ҳеш қашан бир-бириңизди жаманлап, жаман сөзлерди айтпаң. Олардың алдында ҳәр дайым бир-бириңизге жақсы мәмиледе болың;

7. Перзентиңиз тәрбиясына қатты итибар бериң. Еркек ҳаялын, ал ҳаялы күйеўин мақтасын. Сонда перзентлериңиз де сизлерди ҳүрмет қылады;

8. Ҳаялыңыз ҳаққында жақын инсанларыңызға да сөйлей бермең. Себеби, ҳаял жасырыўға ылайық болған ең қәдирли сыр есапланады;

9. Ҳаялыңызды пул табыўға мәжбүрлемең. Аллаҳ таала шаңарақты бағыўды сизиң (еркектиң) мойныңызға жүклеген;

10. Күйеўиңиз таўып келген нәрсеге қанаат қылың. Оларды кем санамаң. Бахытлы жасаў ушын ҳәмме нәрсең болыўы шәрт емес. Тийкарғысы қолыңа берилген ырысқыға қанаат қылыўыңда.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook|instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#тәрбия #турмыслық_ўақыя

ӘКЕ ҲАҚҚЫНДА

      Балалар майданшасында әткөншек ушып атырған кишкене балалардан биреўи жығылып, жылап жиберди. Сәл арыда гәп сатып отырған ҳаял шаўлаўы менен олар тәрепке келе баслады:
– Ҳә, атаңа нәлет, қарындасыңа қарап жүр деп, айтпадым ба саған? Турғыз енди, ийттиң баласы!...

     Әке "абыройы"на айтылған жаман сөзлерден сескенип кеттим. Қалаберди, айыплы баланың жүзине ашшы бир шапалақ урды. Еки шырылдап жылаған баланы жетеклеп баратырып, ҳаял телефоннан бақырып:
– Айттым сизге алып қалың деп, гәпти гәпке қоса ма усы жүўернемеклер?!
     Кейин балаларына қарап: "Туўры үйге кириң! Әкең шығып киятыр, алып кетеди" деди.

     Отырып ойланып қалдым: усы бала қандай әке болар екен? Әкесиниң бослығын, бойсыныўшаңлығын көрип, санасына сиңдирип, күш көрсетиўши анасының сөгис ҳәм таяқларынан езилип өскен баладан шаңарағына қалқан бола алатуғын қорғаўшы шыға ма екен?
     Бул сөзлерди оқыған инсан ер адамның үстинлиги пүткил шаңарақты мушы менен услап турыў, ҳақ па - наҳақ па, гәпин өткизиўи керек пе яки жоқ па, ол ҳаққында емес, әкениң, ер адамның саўлаты, мәртебеси мәнисинде айтылып атырғанын түсингени анық.
     Ескиден қалған бир гәп бар: әке отырған үйдиң төбесине шығыўға болмайды. Бул – қәдирият әке биз ушын қаншелли уллы инсан екенин көрсетеди.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook|instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#қайырлы_таң

   Ҳәр таңда ерте оянған инсанның алдында еки жол бар болады...
   Бириншиси, уйқылап шийрин түслер көриўди даўам еттириў.
   Екиншиси болса, "Бисмиллаҳ" деп орнынан турып шийрин түслерди әмелге асырыў...

    Ассаламу алейкум Қәдирдан!
Пайызлы ҳәм қуўанышлы таң бәршеңизге қайырлы болсын...

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook|instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң!
@alberuniyuz
#сүннетке_әмел_етейик

УЙҚЫДАН ОЯНҒАН ЎАҚЫТТА ҚЫЛЫНАТУҒЫН СҮННЕТ ӘМЕЛЛЕР

1. Уйқының жүздеги ериншеклигин кетириў ушын қол менен жүзди сыйпалаў;
      Имам Нәўәўий ҳәм ибн Ҳажар раҳимаҳуллаҳ бул истиң сүннет әмел екенине төмендеги ҳәдисти дәлил қылып кедтиреди:
      "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам оянды да, отырып жүзлерин сыйпалап, уйқыны кетирди".
Имам Мүслим рәўияты

2. Дуўа;
    "Бизлердиң руўҳымызды алғаннан кейин, қайта өмир бағышлаған Аллаҳ таалаға мақтаўлар болсын. Қайта тирилиў ҳәм қайтыў Оның Өзине".
Имам Бухарый рәўияты

3. Мисўәк ислетиў;
     "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам түнде уйқыдан турғанда аўызын мисўәк пенен тазалайтуғын еди".
Муттафақун алайҳи

4. Мурынды қағыў;
     Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Сизлерден бириңиз уйқыдан турса, мурнын үш мәрте шайып тасласын. Себеби, шайтан оның димағында уйқлайды" деди.
Муттафақун алайҳи

      Түсиндирме: "Димағ" сөзи араб тилинен алынған болып: "мурынның ең жоқарғы жери, бас мийге жақын жер" деген мәнини аңлатады.

5. Қолларын үш мәрте жуўыў;
      Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салам: "Сизлерден бириңиз уйқыдан турса, ыдысқа қолын тықпастан алдын қолларын үш мәрте жуўсын", деди. Муттафақун алайҳи.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook|instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдийс

Абдуллаҳ ибн Аббас разияллаҳу анҳу рәўият қылады: Пайғамбарымыз алайҳиссалам:
"Қайсы бир салыҳ (жақсы) перзент өз ата-анасының жүзлерине мийрим-шәпәәт нәзери менен карайтуғын болса, Аллаҳ таала ол адамның ҳәр қараған нәзери ушын бир ҳаж қылғанның саўабын береди", — деди.

Сонда саҳабалар: "Я Расулуллаҳ бир күнде 100 мәрте қараса, жүз ҳаждың саўабы жазыла бере ме?" деп сорады.

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Әлбетте Аллаҳ тааланың мийрими кең әжир-саўапларын жақсы бенделеринен аямайды", — деп жуўап берди.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook|instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#ҳәдийси_қудсий

ӨМИРИҢ ЗЫЯДА БОЛАДЫ

Аллаҳ таала айтады:

Ҳәй адам баласы! Сабыр қылып, кишипейил бол! Өзим сени жоқары шыңларға көтеремен.
Мениң берген неъматларыма шүкир қыл. Өзим сени неъматлар менен сыйлайман.
Маған қылған гүналарың ушын истиғфар айт. Өзим гүналарыңды кеширемен.
Егер маған дуўа қылсаң, Өзим қабыл қыламан.
Қылған гүналарың ушын тәўбе ет, Өзим тәўбеңди қабыл қыламан.
Мүтәж нәрсеңди меннен сора, Өзим саған оны беремен.
Адамларға садақа қыл, ырысқыңды берекетли қылып қояман.
Ағайын-туўысқанларың менен байланысыңды үзбе. Өмириңди зыяда қыламан.
Ҳәр дайым беккем ден-саўлық сорап дуўа қыл! Меннен тынышлық болыўын сора.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
📱alberuniy.uz|📱youtube|📱facebook|📱instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
📱@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

САҚЫЙЛЫҚТЫ ГЕРБИШТЕН ҮЙРЕНДИМ

– Сақыйлықты кимнен үйрендиң? деп соралды бир қолы ашық инсаннан.
– Гербиштен үйрендим, деп жуўап берди.
– Ҳеш заманда адам гербиштен бир нәрсе үйрене ала ма екен?!
– Адамлардың қатар турып бир-бирине гербиш узатқанын көрдиңиз бе? Мен бир ўақытлары сондай көмекке қатнасып едим. Әжайып бир жағдайды көрип, өзим ушын керекли жуўмақ шығардым. Қашан қолымдағы гербишти берсем, олар да маған гербиш қайтаратуғын еди. Қолымдағы гербишти кейингиге созбай турсам, қолыма гербиш келмей қалатуғын еди.
– Бир ой жүритип көрдим, деди сақый бай. Ойланып қарасам, мал-дүнья да тап сондай екен. Мал-мүлкиңнен садақа қылып турсаң, Аллаҳ таала да бириңе он береди. Егер қызғаншақлық қылсаң, қолыңдағы нәрсеңнен де берекет кетеди.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
📱alberuniy.uz|📱youtube|📱facebook|📱instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
📱@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

Ҳасан ибн Әлий разыяллаҳу анҳу айтады: "Қәўимниң арасында кишкенеси болсаңыз илим алып қалың. Ертеңги күн сол қәўимниң үлкени боласыз. Ким илимди ядлай алмаса, жазып үйренсин!"

Бул ҳикметтен жаслар илим алыўға қаншелли дыққат-итибар қаратыўы керек екенин түсинсек болады. Себеби, бүгинги жаслар ертенги жасы үлкенлер болады.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
📱alberuniy.uz|📱youtube|📱facebook|📱instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
📱@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
HTML Embed Code:
2024/05/05 07:44:54
Back to Top